Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-февраль күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлесиўде усы мәмлекет Президентлигине гезексиз сайлаў табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.
Сайлаўшылардың қатнасыўы ҳәм белсендилиги жоқары дәрежеде болғанын атап өтип, мәмлекетимиз басшысы туўысқан әзербайжан халқы мәмлекет келешеги, күшли ҳәм гүллеп-жаснаған Әзербайжан ушын даўыс берип, дурыс қарар қабыл етилгенине исеним билдирди.
Сәўбетте Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиў унамлы пәтте раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылдың жуўмақларына бола товар алмасыў 30 процентке артты. Биргеликтеги Инвестиция компаниясы өз жумысын баслады, автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тармақлардағы кооперация жойбарлары жедел әмелге асырылмақта.
Халықаралық структуралар, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысты. Болажақ илажлар режеси көрип шығылды.
ӨзА