Президент басышылығында социаллық тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтпекте.

Өткен жылы 500 “тил ийелери” жумыс баслағаны өз нәтийжесин бермекте. Бул әмелиятты кеӊейтиў ушын “тил ийелери”н барлық мектеплерге тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мектеплерде үйретиў мүмкин болған 50 кәсип-өнер дизими дүзилип, ҳәр бири бойынша оқыў ҳәм әмелият бағдарламалары ислеп шығылады. Буныӊ ушын мектеплерде устаханалар шөлкемлестириледи ҳәм “Кәсиплик билимлендириў устасы” лаўазымы енгизиледи.

Исбилерменлер, уста ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда оқыўшылардыӊ қызығыўшылығынан келип шығып кәсиплик билимлендириўге бағдарланған сабақлар өткериледи, кәсиплик дөгереклер шөлкемлестириледи.

Мектептеги бос орынлар исбилерменлерге оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыў ушын бийпул пайдаланыўға бериледи. Оларға салық ҳәм басқа бир қатар жеӊилликлер бериледи.

Оқыў курсын жуўмақлап, имтиханнан өткен оқыўшыларға маманлық сетификаты бериледи.

– Мақсетимиз – мектеп питкериўшиси ҳеш болмағанда бир кәсипти ийелеп үлкен өмирге қәдем қойсын, – деди Президент.

 

ӨзА