“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Ренспубликасы бөлими тәрепинен халықаралық майыплар күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алып, қайырқомлық илажлары өткерилди.
Атап айтқанда, олар Нөкис “Мүриўбет” ҳаял-қызлар интернат үйинде интернат үйиниң бүгинги күндеги жағдайы, оларға көрсетилип атырған медициналық хызметлер менен танысты. Бул жерде емленип атырғанларға фонд тәрепинен байрам саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.