Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьдеги “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти.
“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими басламасы тийкарында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Жоқарғы Кеңес, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сиёсий партиялар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанда еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, жәмийетте реформалар инициаторлары принципин әмелге асырыў мақсетинде халықты мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасыўын кеңейтиўге қаратылған қатар жумыслар әмелге асырылып, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленбекте. Атап айтқанда, “Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында”ғы нызам қабылланды, жергиликли бюджет қаржыларын халықтың пикири тийкарында жумсаў бойынша басламалы бюджет жойбарын әмелге асырыў жолға қойылды, Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўден алдын жәмийетшилик додалаўынан өткериў кереклиги белгиленди ҳәм сол сыяқлы көплеген басқа механизмлер әмелиятқа енгизилмекте.
Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мазмун-мәниси ҳаққында сөз болғанда, оның әҳмийети “Инсан, оның ҳуқықлары, еркинликлери, әсиресе, инсән қәдири – жоқары қәдирият” деген принципке қаратылған.
Бәршемизге белгили, келеси 7 жылда мәмлекетимиздиң тийкарғы раўажланыў бағдарларын белгилеп беретуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “”Өзбекстан – 2030″ стратегиясын 2023-жылда сапалы ҳәм ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының жойбарлары кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша ерк-ықрарын әмелге асырыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркәмал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң зәрүрли буўынына айналған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмийетлик додалаўдың нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, усыныслар алынды.
Жәмийетлик додалаўларда кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усыныслар инабатқа алынып, талқылаўлардан соң Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳаққындағы пәрманы қабыл етилди. Бул стратегияның мақсетлери ҳәм нәтийжелилилик көрсеткишлерин аңсат қабыллаў ҳәм түсиниў ушын қолайлы формада көрсетилген болып, онда 5 бағдар бойынша 100 мақсет нәзерде тутылған.
Илажда Стратегияны әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының роли ҳәм әҳмийети, әсиресе, жуўапкер шөлкемлер тәрепинен өзлерине жүкленген ўазыйпаларды ўақтында ҳәм сапалы орынлаўы бойынша жәмийетлик мониторинги, жәмийетлик қадағалаў сыяқлы илажларды шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер туўралы түсиниклер берилди. “Жаңа Өзбекстан -2030” стратегиясының орынланыўын тәмийинлеўде ҳәмме бирдей жуўапкер екенлиги ҳәм белгиленген мақсетлерге, усы бағдарда умтылыў-ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы ғана ерисиў мүмкинлиги ҳаққында жуўмаққа келинди. Буның ушын ҳәр биримиз белсенди болыўымыз, бир күш, бир қүдирет болып Жаңа Өзбекстанды қурыўда өз үлесимизди қосыўымыз тийис.
Қарақалпақстан хабар агентлиги