Соңғы жыллары жеке мүлк, киши бизнес ҳәм исбилерменликти исенимли қорғаўды тәмийинлеў, оларды жедел раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
O’zLiDeP партиясының электораты болған исбилермен ҳәм фермерлердиң қатары жыл сайып көбейип бармақта. Нөкис районындағы жас исбилерменлердиң бири, “Биогумус” фермер хожалығының баслығы Шерзад Ниязымбетов көптен берли исбилерменлик пенен шуғылланып келмекте. Партияның Нөкис районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Қ.Исмайлов оның менен жүзбе-жүз пикирлесип, партияның мақсет ҳәм ўазыйпалары, бүгинги күнги алып барып атырған жумыслары туўралы толық түсиник берди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде исбилерменлер ушын кредит ҳәм субсидия ажыратыў, лицензия, көшпес мүлк ҳәм ресурсларға ийе болыў, экспорт мәселелеринде жаратып берилип атырған имканиятларды, артықша тексериўлер, нақ пул, валюта ҳәм шийки зат бойынша шеклеўлер ҳәм тосықлардың алып тасланып атырғанлығын атап өтти.
Жас исбилермен Шерзод Ниязимбетовтың тийкарғы жумыс бағдары аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў болып табылады. 2018-жылдан берли Италия, Франция, Израиль мәмлекетлерине өнимлерди экспортқа жибериў менен шуғылланып келмекте. 2022-жылы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен “Жылдың ең жақсы start-up жойбары” номинациясына сазаўар болды. Быйылғы жылы “YUKSALISH” улыўма миллий ҳәрекетиниң рейтинг нәтийжелери бойынша мәмлекетимиздеги 35 ең жақсы жас исбилерменниң дизимине киргизилди ҳәм Президентимиз тәрепинен “Келажак бунёдкори” медалы менен сыйлықланды.
“Илажсыз нәрсениң өзи жоқ” атамасын өзине сүрен етип алған жас исбилермен партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын тилеклеслигин билдирди ҳәм ағзалыққа қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги