Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң @uza_uz телеграм каналы арқалы «Жоқары билимлендириў мәкемелерине быйылғы оқыўға қабыллаў тәртиби» атамасында даўыслы чат болып өтти.
Онда жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң бас қәнигеси Зафар Амирқуловтың атап өтиўинше, елимизде кадрларға болған талап есапқа алынып, 2023-2024-жылы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине бакалавриат ҳәм магистратура бойынша жәми 206 мың 857 квота ажыратылған. Соннан грант орынлары 43 мың 783, контракт орынлары болса 163 мың 74 ти қурайды.
Бакалавриат ушын быйыл жәми 189 мың 727, соннан мәмлекетлик грант 34 мың 860, контракт тийкарында болса 154 мың 867 етип белгиленди. Быйыл абитуриентлеримиз бакалавриаттың барлық билимлендириў түрлеринде ҳүжжет тапсырыў имканиятына ийе. Сондай-ақ, сыртқы, кешки ҳәм аралықтан билимлендириў түрлеринде де қабыллаў квоталары тастыйықланды.
– Магистратураға тилди билиў сертификаты менен ҳүжжет тапсырыў мүмкинбе?
– Бул имканият бурынғысынан басқаша тәризде тек ғана январь айындағы қабыллаў ушын белгиленген еди. 2023-2024-жылдан баслап, жазғы қабыллаўымызда әмелдеги тәртипке бола филология бағдарына С1 дәреже ямаса филологиядан тысқары бағдарларға В2 дәрежедеги миллий ямаса халықаралық сертификат талап етиледи.
Н.Раҳмонова, ӨзА