5-12-июнь күнлери Қазақстан пайтахты Астана қаласында самбо бойынша Азия чемпионаты болып өтеди.

Онда самбоның ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында бир қатар жас категориялары ҳәм бағдарлары бойынша беллесиўлери өткериледи.

Бул жарыста республикамыз спортшыларынан сайланды командамыз қурамында жаўынгерлик самбо бойынша 59 кг салмақта Шахзада Азатова, ветеран спорт шеберлери арасында -71 кг да Қудайберген Наўрызбаев, -79 кг да Сансызбай ҳәм Азамат Юсупов, -88 кг да Жумабек Нурымбетов,  Тилепбай Ботбаев, -98 кг да Мақсет Алланов ҳәм +98 кг да пүткил елимизге жәмийетлик ғайраткер ҳәм актёр сыпатында танылған Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша спорт мектеби директоры  Дәўлетмурат Қалхоразолар қатнасады.

-Жарысқа пуқта таярлықлар көрилди,-дейди самбо бойынша спорт шеберлери арасында  жәҳән чемпионы Сансызбай Юсупов.-Астанада елимиздиң абырайын мүнәсип түрде қорғаў ушын гүреске түсип, чемпион болыўға ҳәрекет етемиз. Буның ушын жигитлеримизде толық имканият бар.

Барлық самбошыларымызға Азия чемпионатында әўмет яр болыўын тилеймиз.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы