ФОТОРЕПОРТАЖ
Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышына старт берилди.
Дәслепки жарыс стол тенниси бойынша өткерилди. Онда жарыстың районлық ҳәм қалалық басқышларында таңлап алынған 100 ге шамалас ул-қыз белгиленген жас категориясында өз-ара беллести.
16-21 жас категориясындағы ул балалар беллесиўинде Қоңырат районы Тарун мәҳәллесинен С.Бобоназаров, қызлар арасында Әмиўдәрья районы Дурунки мәҳәллесинен М.Шомуродова, 22-26 жас категориясындағы ер балалар беллесиўинде Тақыятас районы Кенегес мәҳәллесинен Ш.Оразбаев, қызлар беллесиўинде Әмиўдәрья районы Байаўыл мәҳәллесинен М.Камолова ҳәм 27-30 жастағы ер балалар арасында Әмиўдәрья районы Чордара мәҳәллесинен Ж.Ражабов ҳәм қызлар беллесиўинде Төрткүл районы Янгиобод мәҳәллесинен С.Самандарова жеңимпаз болды.
Мақсет ХАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА