Кеше Нөкис қаласында өткерилип атырған дзюдо бойынша Өзбекстан кубогинде бир қатар салмақ категориялары бойынша беллесиўлер  өткерилип, онда жеңимпазлар анықланды.

Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында 73 кг салмақта 44 палўан қатнасып, жарыс жуўмағында 1-орынды  қашқадәрьялы  Элбек Тожиев,  2-орынды Ташкент ўәлаятынан  Асадбек Норбўтаев , 3-орынды қашқадәрьялы Шоҳруз Наширов ҳәм хорезмли  Фахриддин Маримов ийелеўге миясар болды.

Ал, 81 кг салмақ категориясында болса, Ташкент қаласы ўәкили  Жавлон Хайруллаев  қарақалпақстанлы  Санжарбек Шеримбетовлар финалға шекем жетип келип, онда төрешилер тәрепинен қосымша минутларда ташкентли палўанның жеңиске ерискенлигин жәриялады.

3-орын болса, бухаралы  Амирбек Аминов  ҳәм самарқандлы Шербек Рашидовларға несип етти.

Қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде  57 кг салмақта әндижанлы Мафтуна Адҳамоваға тең келетуғын палўан табылмады. 2-орынды  хорезмли Мухлиса Ганжаева, 3-орынды Ташкент ўәлаятынан Чарос Сайфуллаева ҳәм және бир хорезмли Гулшан Шамуратовалар ийелеўге еристи.

63 кг салмақта болса, 1-орынды хорезмли Лайло Йўлдошева, 2-орынды самарқандлы Нигора Тошкентова,  3-орынды ташкентли  Асал Каримжонова ҳәм және бир самарқандлы  Мадина Каримовалар жеңип алыўға еристи.

Өзбекстан кубогиниң ашылыў мәресими  ҳәм жеңимпаз дзюдошыларды сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы