2022-жылдың 4-август күни Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген көрсетпелерге муўапық  республикамыз бойынша пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери арасынан жоқары нәтийжелерге ерискен 1000 талабан “Перспективалы кадрлар резерви”не таңлап алынған еди.

Соннан Қарақалпақстан Республикасында жәми 45 (34 ҳәким жәрдемшиси, 9 жаслар жетекшиси ҳәм 2 ҳаял-қызлар белсендиси) хызметкер усы дизимге киргизилди. Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен перспективалы кадрлардың резервине кирген мәмлекетлик хызметкерлердиң билими менен кәсиплик компетенцияларын арттырыў мақсетинде бир қатар жумыслар алып барылды. Ҳәр бир талабан өзлериниң жеке раўажланыў режелерин тастыйықлаған.

Быйылғы жылдың январь айында талабанлар ушын 50 саатлық онлайн қәнигелигин арттырыў курслары, февраль айында олар ушын стажировкалар шөлкемлестирилди.

Бул жумыслардың даўамы сыпатында Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығына,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларына, қала ҳәм район ҳәкимлерине бириктирилип “дублёрлық” стажировкасын өтеди. Бул стажировканы шөлкемлестириўден мақсет, талабанлардың билим және көнликпелерин беккемлеў, әмелият пенен байланысын тәмийинлеў, басшылық бойынша жаңа көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм басқарыўда дурыс қарар қабыл етиў шеберлигин арттырыўдан ибарат.

Атап айтқанда, Елликқала районындағы Қызылқум аўыл пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Полатбек Жулимов ҳәм Сарабий аўыл пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси  Умар Каримов район ҳәкими Сейдамат Авезовқа 2 ҳәпте даўамында “дублёр” сыпатында  бириктирилди. Ҳәкимниң жумысы менен жақыннан танысты. Ҳәкимликте жумысларды шөлкемлестириў, басқарыў тәртиби, район халқының машқалаларын шешиў ҳәм сиясий илажларда, сондай-ақ, пуқараларды қабыл етиўде биргеликте жумыс алып барды.

– Еки ҳәптелик үйрениўлер даўамында район ҳәкиминиң потенциалы, ҳәр бир тараўды жетик билетуғын басшы екенлигиниң гүўасы болдық,-дейди Қызылқум аўыл пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Полатбек Жулимов.-Басшы болыў ушын көп оқыў ҳәм излениў, басқарыў көнликпесине ийе болыў, қарар қабыл етиў, ўақытты режелестириў, пуқаралар менен жақыннан пикирлесиў кереклигин түсинип жеттик. Район ҳәкими менен биргеликте алып барған жумысларымыз алдағы ўақытта бизлерге жақыннан жәрдем берери сөзсиз.

“Дублёрлық” стажировкалары даўамында талабанлар өзлериниң билим және көнликпелерин әмеллиятта қолланыў имканиятына ийе болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы