Төрткүл районының турғынлары мәмлекетимиздиң айдын келешеги ушын өткерилип атырған референдумда  даўыс бериўде белсендилик көрсетти.

Райондағы 455-референдум өткериўши участка Марказадбад  мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы   районлық бәнтликке көмеклесиў орайының имаратында жайласқан. Бул жерде ерте таңнан адамлар даўыс бериўге келди. Олар ушын участкада барлық шараятлар жаратып берилди.

Участка комиссиясының баслығы Толқын Аширбековтың атап өткениндей, аймақ бойынша 1267 адам дизимге алынды. Соннан ҳәзирге шекем 82 процент адам даўыс бериўде қатнасты.

Аймақтағы 18 кексе әўлад ўәкили ҳәм майыплығы болған пуқаралардың даўыс бериўи ушын жетерли имканиятлар жаратып берилди. Солардың қатарында Тынышлық мәҳәллесинде жасаўшы 102 жастағы Дурханым апа Алланазарова да мәмлекетимиздиң келешеги ушын даўыс берди.

-Бундай күнлерге жеткергенине шүкиршилик етемен,-дейди Дурханым апа.-Бизиң ҳәр биримиздиң берген даўысымыз перзентлеримиздиң, ақлық-шаўлықларымыздың бахытлы келешеги ушын хызмет етеди.

Районның барлық участкаларында даўыс бериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги