Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Елликқала районы да жаңаланып атырған Конституцияның референдумына қатнаспақта.

610-референдум өткериўши участкасы Елликқала районындағы Бўстон аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан. Бул жерде усы пуқаралар жыйынында жасайтуғын 1 мың 958 пуқара даўыс бериў ушын дизимге алынған. Олардан 128 и биринши рет даўыс бериўге қатнаспақта. 17:00 жағдайына бола 1589 пуқара өз келешеги ушын даўыс берди.






– Бул референдумда кексе әўлад ўәкиллери менен майыплығы болған шахсларға барлық шараятлар жаратылған. Мәмлекетимиздиң, перзент-ақлықларымыздың ертеңги күни ушын, елимиздеги тынышлық-парахатшылық даўамлы болыўы ушын референдумда қатнасып, даўыс бердим. Бүгинги күнимизге шүкир етип, тыңышлықтың қәдирине жетиў зәрүр, – дейди кексе-нураний, Муқимий көшеси 5-жайда жасаўшы Юсупбай ата Атажанов.

Райондағы референдум өткериўши участкаларда даўыс бериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги