Бүгинги референдумда жаңаланып атырған Конституцияға киргизилген өзгерислер менен нормаларға өз мүнәсибетин билдириў ушын ҳәмме бирдей ҳәрекет етпекте.
Конституция Ўатанымыздың келешегин белгилейди. Оған мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияның мәмлекет қадағалаўында болатуғынлығы, муғаллим ҳәм устазлардың қәдир-қымбатын арттырыў, олардың материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў, нәтийжели жумыс ислеўи ушын имканиятлар жаратыў бағдарында, сондай-ақ, инсан қәдири, суд-ҳуқық, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўлар бойынша бир қатар нормалар киргизилген. Ҳеш бир нәрсе, ҳеш бир тараў дыққаттан шетте қалмаған.
Хожели районындағы референдум өткерилиўи белгиленген участкаларда да усы сиясий процесстиң шөлкемлескенлик пенен өткерилиўи ушын шараятлар жаратылып, райондағы барлық референдум участкаларында даўыс бериў даўам етпекте.
Район бойынша 60510 адамның, соннан 20107 жастың даўыс бериўи күтилмекте. Бүгин саат 16:00 ге райондағы 84 проценттен аслам пуқара даўыс берип болды.
Соның ишинде, райондағы 510-референдум участкасында 1805 адамның даўыс бериўи күтилмекте.
– Аймағымыз турғынлары бүгинги илажға көтериңки руўхта белсене қатнаспақта,-дейди усы участканың комиссия баслығы Б.Төремуратова. – Себеби, жаңаланып атырған Конституцияда мәҳәлледеги мәселелерге де айрықша итибар қаратылған. Жаслар мәселесине де кең орын берилип, мәмлекет жаслардың ҳуқықларының қорғалыўын кепиллемекте, оларда қәдириятларымызға садықлық, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўге ғамхорлық етиўи белгиленбекте.
Көплеген социаллық, турмыслық мәселелер мәмлекеттиң конституциялық миннети сыпатында киргизилмекте.
Ҳәзирги ўақытқа шекем аймағымыз турғынларының көпшилиги даўыс берип болды.
Орынларда даўыс бериў шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги