Елимизде болып атырған референдумда Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлкасында жасайтуғын жасы үлкен кексе инсанлар да белсене қатнаспақта.

Посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 361-референдум участкасы 56-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген болып, бүгин усы посёлкада жасаўшы 80 жас пенен жүзлескен Тойдық Юсупова, Аманмурат Тулаев, Амангелди Оспановлар референдум участкасында келешек әўладлардың бахты ушын даўыс берди.

– Соңғы жылларда кексе әўлад ўәкиллерине көрсетилип атырған итибар бизлерди руўхландырмақта. Атап айтқанда, күшли социаллық қорғаў ҳәм мүтәжлерге, жасы үлкенлерге ғамқорлық – мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары етип белгиленбекте,-дейди Т.Юсупова. – Мине, бүгинги референдумда да өзим участкаға келип, Ўатанымыздың раўажланыўы, келешек әўладларымыздың абадан турмыс кешириўи ушын даўыс бердим.

361-референдум участкасында 1 мың 383 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте. 57 жас биринши мәрте даўыс бермекте. Бүгин саат 17:00 жағдайына посёлка пуқараларының 92,7 проценти даўыс берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.