«Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны «Қусханатаў» көшесиниң турғыны Гүлбаҳар Жолдасова да өзиниң шаңарақ ағзалары менен бирге өзиниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланған ҳалда Нөкистеги 5-санлы референдум участкасында даўыс берди. Оның қызлары Сайёра ҳәм Феруза да даўыс бериў ушын участкаға келди.
– Жаңа Тийкарғы Нызамымыз ушын бүгинги сиясий процесте усыныслардың 70 проценттен асламы жаслар тәрепинен берилген, -дейди биринши мәрте даўыс берип атырған Феруза Узақбаева. – Соның ушын да бүгин жаслардың усыныслары тийкарында ислеп шығылған Жаңа Конституция ушын даўыс бердим.
5-референдум участкасында жәми 2 мың 598 пуқара даўыс бериўи күтилмекте. Соннан 22 си биринши мәрте даўыс берип атырған жаслар.
-Аймағымызда майыплығы себепли даўыс бериўге келе алмайтуғын 40 пуқара бар болып, олардың да усы сиясий процесте қатнасыўын тәмийинлеў ушын үйме-үй жүрип, даўыс жыйнаў илажлары шөлкемлестирилди, -дейди участка комиссиясы баслығының орынбасары Мухаммед Абдуллаев. – Сондай-ақ, мәҳәлле аймағында жайласқан Республикалық Фтизиатрия ҳәм Пульмонология жуқпалы кеселликлер диспансеринде емленип атырған 83 наўқас ҳәм емлеўханада ислеўши 26 хызметкер емлеўхананың өзинде даўыс береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги