Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-апрель күни шаңарақ ағзалары менен бирге Ташкент қаласы Мырза Улығбек районындағы 59-референдум участкасына барып, референдумда даўыс берди.
Референдумда «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы конституциялық нызам жойбары даўысқа қойылған. Бизге белгили, бул процесске бир ярым жыл даўамында пуқта таярлық көрилди. Конституциялық нызам жойбары ғалаба хабар қуралларында жәрияланып, халықтың пикири үйренилди. Жәмийетшилик тәрепинен 220 мыңнан аслам усыныслар келип түсти. Олардың ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алды.
Усы усыныслар тийкарында жаңаланып атырған Конституция статьяларының саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалары болса 275 ден 434ке артты. Яғный, Тийкарғы нызамымыздың 65 процент тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланды. Онда халықаралық тәжирийбе де инабатқа алынды, ҳәр қыйлы тараўлардан жетик қәнигелер ҳәм экспертлер тартылды.
Конституция мәмлекетимиз турақлылығы ҳәм келешеги, инсан мәплериниң ҳуқықый тийкары болып есапланады. Пуқаралар оны терең сезинип, референдумда белсене қатнаспақта.
Бул сиясий процессти 45 мәмлекет ҳәм 14 абырайлы халықаралық шөлкемнен жәми 383 халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап бармақта. Жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары кең, ашық-айдын сәўлелендирмекте.
ӨзА