«Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.

Жаңа Мийнет кодексине бола:

– Мийнет шәртнамасында хызметкерди кемситетуғын шәртлер болыўына жол қойылмайды.

– Мийнетке натура түринде мийнет ҳақы төлеў қадаған етиледи.

– Жумыстан босатыў напақасы 200 процентке шекем төленеди.

– Дем алыс күни байрам күнине туўра келсе кейинги күнге көшириледи.

– Жумыс бериўшиниң хызметкерден мийнет шәртнамасында шәртлесилмеген жумысты талап етиўи қадаған етиледи.

– Хызметкер ҳәр қыйлы маманлық талап етилетуғын жумысларды орынлағанда оған жоқары маманлық бойынша мийнет ҳақы төленеди.

– Жыллық тийкарғы мийнет дем алысы мүддети 21 календар күн етип белгиленеди.

– Хызмет тексериўин өткериў тәртиби белгиленбекте.

– Хызметкерлерге мийнет ҳақының бир бөлеги сақланатуғын қосымша дем алыслар берилиўи мүмкин.

– Ҳаялларға ҳәмилени антенатал (туўыўға шекем) тәрбиялаў ушын қосымша бос күнлер бериледи.

– 3 жасқа шекемги баласы бар ҳаялларды жумыстан босатыў тийкарлары кеңейтилди.

– Айырым категориядағы хызметкерлер ушын сынақ мүддети 3 айдан 6 айға шекем создырылады.

– Хызметкерди басқа жумыс бериўшиге ўақтынша хызмет сапарына жибериў тәртиби белгиленбекте.

– Жумыс бериўшиниң басқа жерге көшиўи мийнет шәртнамасын өзгертиўге тийкар болады.

– Жумысқа қабыл етилип атырған 18 жасқа толмаған пуқараларға дәслепки сынақ белгиленбейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги