Нөкис қаласындағы 27-референдум участкасында даўыс бериў процесслери халықтың белсене қатнасыўы менен даўам етпекте. Участкада дизимге алынған пуқаралар избе-из, аўызбиршиликли түрде даўыс бермекте.

Бул жерде сиясий процесстиң жақсы өтиўи ушын барлық шараятлар «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамда белгиленген талаплар тийкарында таярланған.

– Участкамызға референдумда даўыс бериўге аймақ турғынларымыз таң азаннан баслап келе баслады,-дейди усы участканың комиссия баслығы Б.Сапаров. – Бул жерде жәми 1999 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте.

Ал, 21 пуқара ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы алдыннан даўыс берди.



– Мен де, таң азаннан референдумға барыўға, даўыс бериўге асықтым,-дейди Динмухаммед Дәрьябаев. – Жаңаланып атырған Конституциямыздағы өзгерислерге ҳеш ким бийпәрўа қарамаўы керек, деп ойладым. Себеби, халқымыз өз келешеги ушын даўыс бермекте.

Ондағы, әсиресе, биздей жасларға байланыслы киргизилген өзгерислер менен нормалар, келешегимиз қандай болыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Референдумда даўыс бериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги