Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Рус миллий мәдений орайы тәрепинен «Гармония» республикалық интеллектуаллық фестивалы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан медицина институты, Аль-Хоразмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети командалары қатнасып, 5 шәрт бойынша өзлериниң қәбилетлерин сынақтан өткерди.

Биринши шәртте қатнасыўшылар өзлериниң командасы менен таныстырған болса, екинши шәртте Қарақалпақстан Республикасының тарийхы, өзлери оқып атырған жоқары оқыў орынлары ҳаққындағы сораўлардан ибарат викторинада беллести. Ал, үшинши шәртте қатнасыўшылар өзбек, қарақалпақ, рус, кавказ халықларының миллий аяқ ойынларын атқарып берген болса, «Ислей аламан» атамасындағы төртинши шәрт әмелий шынығыўлардан ибарат болды. Бесинши шәртте командалардың қатнасыўшылары рус тилинде Ўатан ҳаққындағы қосықларды атқарып берди.

Фестиваль қатнасыўшыларының ҳәр бир шығыўы төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып барылды.

– Таңлаўда интеллектуаллық беллесиўге, сәлемлесиўге ҳәм аяқ ойынлары бойынша барлық студентлер жақсы таярланған, ҳәммеси белсене қатнасты. Оларға оқыўларында табыс, келешекте өз кәсибиниң маманы болыўын тилеймен, -дейди педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Айгул Хаджиниязова. -Фестивальды шөлкемлестириўшилерге айрықша миннетдаршылығымды билдиргим келеди.

Елимизде миллетлераралық татыўлықты ен жайдырыў, рус тилине, мәдениятына ҳүрмет ҳәм сүйиспеншилик сезимлерин күшейтиў мақсетинде өткерилген илажда ҚМУ дың «ФилологияҮ тиллерди оқытыў (рус тили)» тәлим бағдарының студентлеринен ибарат «Прометей» командасы биринши орынды қолға киргизди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги