Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадовтыӊ мәлим етиўинше, Президент Шавкат Мирзиёев жаңа жумыс ҳәптесин Венгрияның «ОТР» банки делегациясы менен ушырасыўдан басламақта.
Сөйлесиўлердиӊ күн тәртибинен жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери орын алған. Европаның бул жетекши банки Өзбекстан банк-финанс базарына кириў процесин басламақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги