Халықтың ғалаба көшеге шығып наразылықлар билдириўине көмир экспортындағы былғасықлар себеп болған, деп жазбақта интернет басылымларында.
«Монголиядан Қытайға тасылған көмир мөлшеринде айтарлықтай айырмашылық бар екени ҳәм Қытайдың усы көмирди урлаўға қатнасы бар адамларды өлим жазасына ҳүким еткени жазылған еди. Наразылыққа шыққанлар ҳүкимет пенен президенттен көмир «урлағанлардың» атын жәриялап, оларды жазаға тартыўды талап етпекте», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги