Американың Форбес финанс журналы 1987-жылдан баслап ҳәр жылы дүньяның ең бай адамлары дизимин дағазалайды. Дизимге капиталдың келип шығыўы “анық емес” болған адамлар, сондай-ақ, диктаторлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары киргизилмеген. Форбес ҳәм Фортуне журналлары жеке байлық мәселеси бойынша белгили баспалар болып есапланады ҳәм күнделикли түрде дүньядағы ең бай адамлар дизимин дағазалайды.
Дүньядағы биринши долларлы миллиардер Стандард Оилдың тийкарын салыўшысы Жон Рокфеллер болған. Бул 1916-жылы 29-сентябрьде жүз берди.
Форбес мағлыўматларына бола, 2001-жылда дүньяда 564 миллиардер болған болса, 2019-жылда олардың саны 2153 ге жетти.
Миллиардерлердиң рәсмий (жыллық) рейтингинен тысқары, Форбес фонд базары котировкалары ҳәм активлерге тәсир етиўши басқа жағдайларды есапқа алған ҳалда миллиардерлердиң “реал ўақытта” дизимин жәриялады.
Дилфуза Қуўанышбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги