1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Дүньяға келгенде еншиме тийген,

Қара қалпағымсаң басыма кийген,

Барлығыңнан төбем көклерге тийген,

Қүдирети шексиз ана тилимсең.

 

Миллет етип санға қосқан халқымды,

Еслетесең ҳинжиў- маржан, алтынды,

Ағызбай- тамызбай, дәстүр- салтымды,

Бул күнге жеткерген ана тилимсең.

 

Тарийхларда қалған мөрленип изиң,

Өзиң менен жарқын мудамы жүзим,

Жаратқан инамы, сен қарар көзим,

Бийбаҳа, дүрданам ана тилимсең.

 

Жыраў қобыз шалса жамғыр жаўдырған,

Саза келип, мүлгип турған, таў, қырдан,

Тула бойды бийлеп алар сыйқырдан,

Қуралақан емес… ана тилимсең.

 

Халқымды танытқан мәғрип-машырыққа,

Шайырлары тема қылып қосыққа,

Қарамастан қойылған ҳеш тосыққа,

Өзлигин аңлатқан… ана тилимсең.

 

Боз думан артынан шыққан күнимсең,

Айлы ақшам жарқыраған түнимсең,

Арал теңиз болып налалар шексем,

Көз жасларын төккен… ана тилимсең.

 

Сөзге шешен алдына жан салмаған,

Айтылмаған сөз олардан қалмаған,

Зибанымда күни- түни жаңлаған,

Бабалар мийрасы… ана тилимсең.

 

Байрам кейпи ҳүким сүрген дөгерек,

Тил бийлигин алған күниң мүбәрек,

Ушығаның қыйқымындай теберик,

Қарақалпақ мениң… ана тилимсең.

Ақшолпан Аманияз

Қарақалпақстан хабар агентлиги