Қарақалпақстан Медицина институты республикамыздағы ең ири жоқары оқыў орынларының бири болып, онда ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери тәлим алмақта. Оқыў орнында билим алып атырған усы жаслардың өз-ара дослығын беккемлеў ҳәм татыўлығын тәмийинлеў мақсетинде, түрли миллет ӯәкиллеринен ибарат студент-жаслардыӊ “ДОСЛЫҚ ТОПАР”лары дүзилген еди.

Бүгин студент-жаслар усы топарларда бир шаӊарақ перзентлериндей өз-ара аўызбиришиликте тыныш-татыӯ билим алмақта. Жақында институт студентлериниң аӯызбиршилигин, татыӯлығын буннан былай да беккемлеӯ мақсетинде, елимиздиӊ әжайып тарийхый-мәдений орынларынан бири болған Самарқанд ўәлаятына саяхат шөлкемлестирилди.

Үш күн даўам еткен саяхатта студентлер әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласындағы  белгили тарийхый ҳәм мәдений орынларды барып көрди.

Соныӊ менен бирге, олар саяхат даўамында Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институтында болып, дослық ушырасыўын өткерди ҳәм әҳмийетли бес баслама шеңберинде өзлериниң таярлап келген концерт бағдарламаларын ықласбентлерге инәм етти.

Сондай-ақ, спорттыӊ волейбол түри бойынша самарқандлы жаслар менен өз-ара дослық ойынын өткерди.

Солай етип қызықлы ҳәм мазмунлы ўақыяларға бай өткен саяхатта студент-жаслар кеўилли дем алып қайтты.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы