Ана тили-бул миллетимиздиң руўхы, оның тымсалы, мәдений ҳәм руўхый байлығымыз болып табылады.
Оны көздиң қарашығындай сақлап, сап, таза ҳалында келешек әўладқа жеткериў бизиң алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалардың бири. Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толады.
Усы сәне мүнәсибети менен Шоманай районлық ХББға қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Ана тилим-анамдай әзиз» атамасында байрам кешеси болып өтти.
Онда Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шоманай районлық бөлиминиң баслығы И.Алланиязов, район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық ислердиң нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша мәсләҳәтшиси С.Палымбетова, мектеп директоры Т.Қаллықылышовалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм ана тилимиздиң халқымыз турмысындағы тутқан орны, атқаратуғын хызмети, соңғы жыллары мәмлекетлик тилде ис жүргизиў бойынша алып барылып атырған сиясат туўралы кең түрде түсиниклер берди.
Илажда мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги