Усы жылдың 28-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Норбоева Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Мәмлекет Думасының баслығы В.Володинди қабыллады.

Ушырасыўда тәреплер еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланыслары, атап айтқанда, саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық, транспорт-логистика, агросанаат, илимий-техникалық тараўларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў сондай-ақ, парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Сенат Баслығы Т.Норбоева кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы парламентлер аралық бирге ислесиў тараўындағы жетискенликлер, соның ишинде, усы жылдың октябрь айында Самарқанд қаласында болып өткен ҒМДА Парламентлер аралық Ассамблеясының гүзги сессиясының жуўмақлары ҳәм усы сессия ҒМДА парламентлери арасындағы бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышын баслап бергенине тоқтап өтти.

Өз гезегинде, Россия Федерациясы Мәмлекет Думасының баслығы В.Володин парламентлердиң имканиятлары шеңберинде еки мәмлекет басшылары дәрежесинде қабыл етилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтип, ҳәзирги күнде Өзбекстан Россияның әҳмийетли экономикалық шериги екенлигине, мәмлекетлер арасында саўда айланысының өсип атырғанлығы ҳәм буннан келип шығып, транспорт, санаат, туризм ҳәм басқа да тараўларда байланысларды күшейтиў зәрүрлигине итибар берди.

Ушырасыў даўамында Халықаралық парламентлер аралық шөлкемлер шеңберинде бирге ислесиўди және де беккемлеў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги