Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўы арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўҮ машқала ҳәм шешимлер» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.
Оған жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимий изертлеўшилер, тараў қәнигелери, педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты ҳәм илимий шөлкемлердиң хызметкерлери, магистрантлар, студент-жаслар қатнасты.
Онда бир қатар илимпазлардың «Бәркамал әўладты тәрбиялаўда денетәрбияның әҳмийети», «Жыллық цикл дәўиринде гимнастикашылардың физикалық таярлығы», «Фитнес, аэробика, йогалар арқалы ҳаял-қызларда физикалық-эстетикалық мәдениятты қәлиплестириўдиң педагогикалық мехиназимлери», «Спортшылардың аўқатланыў рационындағы пайдалы компонентлер ҳәм олардың организмге тәсири» ҳәм тағы басқа темалардағы баянатлары тыңланды.
-Конференция заманагөй шараятта денетәрбия ҳәм спорт тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың инсан ҳәм жәмийет турмысындағы әҳмийетин ашып бериў, денетәрбиясы ҳәм спортты кең түрде үгит-нәсиятлаў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған илимий-педагогикалық, методикалық усынысларды ислеп шығыў мақсетинде өткерилди, -дейди филиалдың «Денетәрбиясы теориясы ҳәм гуманитар пәнлер» кафедрасы оқытыўшысы Қ.Кеңесбаев. – Конференция жасларымызға келешекте илимий изертлеўлер алып барыўы ушын түртки болады, деп ойлайман.
Күнниң екинши ярымында қатнасыўшылар секцияларға бөлинип, денетәрбиясы ҳәм спорт арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдың теориялық-методологиялық тийкарлары, денетәрбиясы ҳәм спортты ғалаба раўажландырыў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириўдиң илимий-педагогикалық бағдарлары, ҳәр тәреплеме раўажланған жоқары мәнаўиятлы шахсларды қәлиплестириўде денетәрбиясы ҳәм спорттың әҳмийети сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысылды. Конференцияда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги