2022-жыл 28-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов Франция Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушезди қабыллады.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери додаланды ҳәм 2023-жылға мөлшерленген Өзбекстан-Франция көп қырлы бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Президентиниң усы жылы 21-22-ноябрь күнлери Францияға әмелге асырған рәсмий сапары ҳәм жоқары дәрежедеги сөйлесиўлериниң жуўмақлары еки мәмлекет басшыларының Өзбекстан-Франция сөйлесиўине барлық тараўларда жаңаша пәт бағышлаў бағдарындағы сиясий ерк-ықрары бар екенлигин тастыйықлады.
Сөйлесиўлерде экономикалық дипломатияны беккемлеў мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Сапар ўақтында улыўма баҳасы 6 миллиард евродан артық саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўге байланыслы жойбарларын әмелге асырыў бойынша ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырыўдан еки тәреп те мәпдар екенлиги билдирилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы менен Франция Миллий ассамблеясы арасында, соның ишинде, Парламентлер аралық аўқам ҳәм ЕҚБШ Парламент ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиўди жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда келеси жылы режелестирилген биргеликтеги илажлар кестеси ҳәм күн тәртиби бойынша пикир алысылды.
Тәреплердиң мәдений-гуманитарлық тараўдағы өз-ара бирге ислесиўине айрықша итибар қаратылды. Елши Франция жәмийетшилиги ҳәм усы мәмлекет пайтахтына барыўшылар Лувр ҳәм Париждеги Араб дүньясы институтында ашылған Өзбекстан музейлери экспонатларының көргизбелерине айрықша қызығыўшылық билдирип атырғанын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги