Усы жылдың 23-ноябринде Францияның пайтахты Париж қаласындағы атақлы Лувр музейинде елимиздиң бийбаҳа мәдений мийрасларын өзинде жәмлеген «Өзбекстан үлкелериниң ғәзийнелери. Кәрўан жоллары кесиспесинде» атлы көргизбеси болып өтеди. Усы көргизбе Парижде биринши мәрте шөлкемлестирилмекте.
Усы халқаралық илажда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институтының Археология музейинде сақланып атырған эрамыздан алдынғы II-I-әсирлерге тийисли Қазақлы-Жатқан (Ақшахан-қала) естелиги ибадатхана комплексиниң патшалық портрети көргизбеге қойылған. Пүткил дүньяның дыққат орайындағы мәдений көргизбеде Өзбекстанның 13 музейинен 137 ең бийбаҳа экспонатлар көрсетиледи. Көргизбе келеси жылдың 6-мартына шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги