Соңғы жыллары пуқаралардың энергия ресурсларына болған талабы артып, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ысырып болыўына жол қоймаў күнниң талабына айланбақта.
Бүгинги күнде «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен халық арасында тәбийғый газди үнемлеў, энергия үнемлеўши газ үскенелеринен пайдаланыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
– Энергия үнемлеўши үскенелер, соның ишинде, газ горелкалары айлық газ жумсалыўын 40-45 процентке үнемлейди,-дейди филиалдың «Нукус шаҳар газ» газ тәмийнатының жетекши инженери Руслан Өтегенов. – Сондай-ақ, заманагөй горелка газ басымы өзгергенде ямаса тәмийнатта өзгерислер болғанда, авария жағдайларында автомат тәризде ислейди.
Ең тийкарғысы, қәўипсизликти тәмийинлеўде, жүз бериўи мүмкин болған газ ийисиниң алдын алыўда, өрт қәўипи ҳәм тәбийғый газди үнемлеўде мине усындай горелкалардан пайдаланыў әҳмийетли саналады.
Мәселен, гүз-қыс айларында ҳәр бир хожалық ески ямаса қолдан исленген горелка арқалы үйин жылытыўда орташа 650 куб метр газден пайдаланатуғын болса, жаңа заманагөй горелкалар арқалы 300, 350 куб метр газдиң үнемлеўине ерисиледи. Сол арқалы биз газ ушын төлем пулларын ҳәм бийбаҳа байлығымыз есапланған тәбийғый газди үнемлеген боламыз. Тәбийғый газди үнемлеў арқалы алыс аймақлардағы тутыныўшыларға да жетип барыўын тәмийинлей аламыз.
Атап айтатуғын болсақ, Нөкис қаласында жәми 74 мың 257 жеке хожалық тәбийғый газ тутыныўшылары есапланады. Солардан 47 мың 125 и жер жайларда, ал 27 мың 132 си көп қабатлы турақ жайларда жасайды. Усы хожалықлардың ҳәр биринде ҳәр күни кеминде бир куб метр газ үнемленсе, бир айда 2 миллион 227 мың 710 куб метр газдиң үнемлениўине ерисиледи.
Ҳәзирги ўақытта қәнигелер жер жайларда жасайтуғын хожалықларға өзлериниң турақ жайларына заманагөй, газди үнемлеўши горелкаларды орнатып пайдаланыўды усыныс етпекте. Себеби, бул горелкалар 50 процентке шекемги газди үнемлеў мүмкиншилигин береди. Ал, көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын тутыныўшыларымызға өз үйлерине заманагой котёлларды орнатыў бойынша мәсләҳәтлер берилмекте.
Биз ҳәр биримиз тәбийғый газди ақылға уғрас унемлеп пайдалансақ ғана келешек әўладларымыздың да усы ресурслардан пайдаланыў имканиятын жаратқан боламыз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги