Бүгин мәмлекетимизде халықлар арасындағы дослық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, сол арқалы елимиздиң гүллеп-раўажланыўына ерисиў кең жәмийетшилик алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардан есапланады.

Усы мақсетте соңғы ўақытлары пүткил елимиз бойлап ҳәр қыйлы жәмийетлик-сиясий, мәдений ағартыўшылық илажлар өткерилип келинбекте.

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде елимиз бойлап өткерилип атырған «Кеңпейиллик фестивалы» шеңберинде оқыўшылар арасында «Мениң кеңпейил дүньям» атамасында сүўрет салыў,  қосық айтыў, «Кеңпейиллик мениң нәзеримде»  атамасында шығарма жазыў, «Миллий кийимлер, салт-дәстүрлер көргизбеси» таңлаўлары өткерилип, онда жеңимпаз болған оқыўшылар мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Өткерилип атырған бул таңлаўлар оқыўшы жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын тутады.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы