Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлигинде быйылғы жылдың өткен айлары даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алда турған ўазыйпаларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Қурбанбаев ҳәм басқалар ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин бул бағдардағы жумыслар менен жақыннан таныстырды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары республикамызда кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылып, бул халқымыздың ийгилиги ушын хызмет етпекте. Президентимиздиң усы жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Инвестиция бағдарламасына киргизилген 184 объектте, усы жыл 18 марттағы «2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 463 объектте, 2021-жыл 9-январьдағы «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында 42 объектте, Президентимиздиң усы жыл 23-24-февраль күнлери республикамызға сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күнги мәжилис протоколы тийкарында 386 объектте қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Буннан тысқары, Президентимиздиң усы жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамыздан жәми 259 объект киргизилген. Бүгинги күнге бул объектлердиң жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, қала қурылыс экспертизасынан өткерилип, тендер саўдаларына қойылмақта.
Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги