Усы жылдың 23-ноябрь күни Париждеги Араб дүньясы институтында өзбек тоқымашылық ҳәм зергерлик өнерине арналған «Самарқандқа жол. Жипек ҳәм алтын дүрданалары» көргизбеси ашылады.
Көргизбеде XIX әсирдиң ақыры – XX әсирдиң орталарына байланыслы ҳәйкел – гүмис ҳаяллар тағыншағы-тумарды көриў мүмкин болады. Ҳәйкелдиң орайлық бөлиминде муғаллимлер киши қағаз бөлегине жазып берген пәтиялар сақланған. Ҳәйкелди жас аналар биринши перзенти дүньяға келемен дегенше тағады, деп есаплаған.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги