Қайсы қала Австрия менен бирдей аймақты ийелейди? Тайванда қанша адам жасайды? Москва дүнья рейтингинде нешинши орында?
Мегаполислер тек аўыл хожалығы жерлерин емес, ал қалаларын да өслестирип, тез пәтлер менен өсип бармақта. Нәтийжеде өндирис, мәденият ҳәм транспорт бир-бири менен байланыслы жалғыз орай ҳәм жолдас қалаларға ийе болған қала агломерациясы қәлиплести. Бул жерде дүньяның ең ири қалалардың аймағы ҳәм халқы бойынша рейтинг келтирилген.
Аймақлары бойынша ең үлкен қалалар: ТОП-10
Дүньядағы ең үлкен қала қайсы?
Нью-Йорк дүньядағы ең үлкен метрополитен болып есапланады. Көз алдыңызға келтириң: қала әтирапы менен бирге ол 12 093 км2 майданды ийелейди, бул Москвадан еки есе үлкен. Нью-Йорк аймағы бойынша дүньядағы ең үлкен қалаға айланды.
Үлкен Бостон, АҚШ
Майданы бойынша 10 ең ири қалалар дизиминде екинши орында және бир Америка агломерациясы жайласқан болып, ол 9538 км2 майданды ийелейди, бул шама менен Кипр майданына тең. Бул Европа көшпелилери тәрепинен өзлестирилген мәмлекеттеги ең әййемги аймақлардан бири болып, оның орайы Бостон.
Токио – Ёкогама, Япония
Агломерация 8230 км2 майданда жайласқан, яғный оның аймағына еки мәмлекет сәйкес келеди: Бруней ҳәм Маврикий.
Атланта, АҚШ
Майданы, 7400 км2 ҳәм бул жерге үш Люксембург туўра келеди. Сондай-ақ, ол Жоржия штатындағы ең ири қала болып есапланады.
Чикаго, АҚШ
Бул АҚШтағы Нью-Йорктан кейин екинши ири финанслық орай. Қала әтирапы менен биргеликте 7006 км2 майданда жайласқан.
Лос-Анжелес, АҚШ: 6351 км2
Москва, Россия: 5891 км2
Вашингтон агломерациясы, АҚШ: 5500 км2
Филаделфия, АҚШ: 5430 км2
Даллас-Форт-Уорт-Арлингтон агломерациясы, АҚШ: 5279 км2
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги