Кеше ғана Ташкентте өткерилген халықаралық кинофестивальдың жабылыў мәресими болып өтти.
Кинематография агентлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, фестиваль соңында «Кино 5 күнде» халықаралық таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилген ҳәм төмендегилер жеңимпаз деп табылған:
1-орын: Темур Муродов басшылығындағы дөретиўши топар «Касета» қысқа метражлы фильми ушын 15 мың АҚШ доллары ақшалай сыйлығы (Өзбекстан);
2-орын: Нариман Тактакулова ҳәм оның дөретиўши жәмәәти «Топырақ» қысқа метражлы фильми ушын 10 мың АҚШ доллары ақшалай сыйлығы (Қырғызстан);
3-орын: Феликс Калменсон ҳәм оның дөретиўши жәмәәти «Қуяш ушын қосық» фильми ушын 7 мың АҚШ доллары ақшалай сыйлығы (Канада).
Мағлыўмат ушын: таңлаў бағдарламасында 1500 ден аслам жас кинодөретиўшилер, дүньяның 19 жетекши кино мектебиниң ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги