Президент Шавкат Мирзиёев 17-февраль күни бажыхана системасын және де реформалаў ҳәм коррупциясыз тараўға айландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бажыхана системасы мәмлекетимизди жәҳән экономикасы менен байланыстыратуғын әҳмийетли буўын. Бул система арқалы дурыс ҳәм ашық-айдын ислемесе, исбилерменликке ҳәм инвестицияларға тосық болады.

Соның ушын 2019-жылы бажыхана ҳәкимшилиги реформаланып, тәртип-қағыйдалар жеңиллестирилген еди. Соның ишинде, бажыхана постларында әпиўайыластырылған жоллар енгизилди. Бүгин жолаўшылардың 95 процент ҳәм жүклердиң 75 проценти мине усылар арқалы өтпекте. Бурын 12 уйымнан алынған 60 түрдеги руқсатнамалар «бир айна» арқалы электрон түрге өткерилди. Булардың нәтийжесинде бажыханада жүклерди рәсмийлестириў ўақты 10 есеге шекем қысқарды.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясында экспорт көлемин 30 миллиард долларға, сырт ел туристлери санын 7 миллионға жеткериў мақсети белгиленген. Бул бажыхана тараўына айрықша жуўапкершилик жүклейди.

Соның ушын мәжилисте бажыхана системасын раўажландырыў, биринши гезекте постлардағы шараятларды жақсылаў мәселелерине итибар қаратылды.

– Бажыхана постлары мәмлекетимиз жүзи, биринши тәсир усы жерден басланады. Олар абат, халық ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Шегара-бажыхана постларында инфраструктураны жақсылаў, әтирапын абаданластырыў, айырым постлардың имаратын реконструкциялаў, постларға алып баратуғын жолларды оңлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бажыхана системасын коррупциядан жырақ етиў ең баслы ўазыйпа екенин, бул тараў басқа мәмлекетлик уйымларға үлги болыўы керек екенлигин атап өтти.

Оның ушын заманагөй комплаенс системасы енгизиледи. Быйыл 1-майдан баслап, жүк декларациясын рәсмийлестириў постлардан шығарылады ҳәм исбилермен менен тиккелей қарым-қатнассыз, аралықтан әмелге асырылады. 1-июльден товарлар коды ҳәм баҳасын белгилеў, бажыхана тексериўин өткериў, жеңиллетилген декларацияны рәсмийлестириўде коррупциялық қәўиплер автоматласқан система арқалы анықланады. 1-сентябрьден баслап, барлық электрон бажыхана хызметлери «бир айна» системасы арқалы көрсетиледи. Жылдың ақырына шекем бажыхана тексериў процесслерин толық қамтып алған электрон система арқалы иске қосылады.

Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигине бажыхана хызметлерин толық санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, хызметкерлерди ашық таңлаў тийкарында жумысқа алыў, ротациялаў, дәраматы ҳәм мүлкин декларациялаў бойынша көрсетпелер берилди.

Коррупцияның алдын алыў ушын хызметкерлердиң материаллық тәмийинлениўи ҳәм социаллық қорғаўға да айрықша итибар зәрүр. Соның ушын, енди бажыхана хызметкерлериниң жумыс нәтийжесине қарап, мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди. Алыс ҳәм шараяты аўыр постларда ислеп атырғанлар да материаллық қоллап-қуўатланады.

Бажыхана хызметкери контрабанда ямаса басқа да нызамбузыўшылықты анықласа, оған сыйлық бериледи. Арнаўлы атақ ушын үстемелер муғдары арттырылады.

Хызметкерлердиң социаллық қорғалыўына да айрықша итибар қаратылады. Соның ишинде, алыс постларда ислейтуғын хызметкерлер ушын хызмет турақ жайлары қурылады сондай-ақ, жеңиллетилген ипотека кредити бериледи. Бажыхана хызметкерлери ҳәм олардың перзентлери ушын жоқары оқыў орынларына кириўде айрықша квота ажыратылады.

Президентимиз тараўға ҳаял-қызларды тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мәжилисте контрабандаға қарсы гүресиў нәтийжелери де талланды. Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўиринде 364 килограмм нәшебентлик қураллары, 88 мың психотроп дәрилер және 181 миллиард сумлық товарлардың нызамсыз келиниўиниң алды алынды.

Бул бағдардағы имканиятларды кеңейтиў ушын бажыхана постларын 3D-сканер, рентген, видеобақлаў, сервер, транспорт тәрезиси сыяқлы заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Быйыл Самарқанд, Ташкент, Ферғана ҳәм Термиз халықаралық аэропортларында, келеси жылдан басқа аэропортларда да «бажыханасыз қадағалаў» тәртибин жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Бажыхана системасында кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Буның ушын Бажыхана институтын түпкиликли трансформациялап, шет тиллери, мәлимлеме технологиялары, метрология ҳәм стандартлар, қадағалаў үскенелерин басқарыўды пуқта үйретиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жәҳән бажыхана шөлкеми менен биргеликте кадрлардың қәнигелигин арттырыў, алдыңғы сырт ел әмелиятларын үйренип, қолланыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА