Жақсы хабардың қанаты бар,-дейди халқымыз. Тақыятас районы аймағында XII–XIII әсирлерге тийисли археологиялық объекттиң орны, ол жерден гүлал ҳәм шийше ыдыслары табылыпты,-деген хабарды еситиўден, районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектеби музейине қарай жол алдық.
Мектеп директорының орынбасары Венера Қайыпова, «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйының баслығы Атабек Байниязов, усы пуқаралар жыйынының кеңесгөйи Дилбар Қалназарова, тарийх пәни муғаллими, мектеп жанындағы музейдиң шөлкемлестириўшилеринен бири Аралбай Нуржанов, ветеран устазлардан Абдирахман Абдижамиловлар бизлерди күтип алды.
– Жаңа жылдың басында, анығырағы 4-январь күни райондағы «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқаралардан бири, усы аймақтағы атызлардың биринен ески гүлал ыдысының бөлегин таўып алған ҳәм мектебимиздиң жанындағы музейге алып келип тапсырды,-дейди Аралбай Нуржанов.- Ертеңине ол жерге барып көзден өткергенимизде, ҳақыйқатында әййемги нағыслар менен безелген гүзелер, басқа да гүлал ҳәм шийше ыдысларының бөлеклери табылды.
«Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан табылған буйымлар белгили археолог, Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими гуманитар илимлер илим-изертлеў институты археология бөлиминиң баслығы, Өзбекистан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязовқа алып барып көрсетилди.
-Бул материаллар менен танысқанымызда, әжайып нағыслар салынған XII-XIII әсирлерге тийисли гүзе, оннан да ертерек дәўирге тийисли кишкене гүзе ҳәм басқа да гүлал ыдыслары болып шықты,-дейди Ғ.Хожаниязов.-Келеси күни археологиялық материаллар табылған орынға барып таныстық. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы егислик майданға айландырылған жерлерде, әсиресе, тазаланған изейкештиң бойынан бизиң эрамыздан баслап XII-XIV әсирлерге шекемги дәўирге тийисли гүлал ыдысларының бөлеклерин де ушыраттық. Демек, бул жерде бурын археологиялық объекттиң орны болған, тилекке қарсы кейин ала салы егилетуғын майданға айландырып жиберилген.
Орта әсир араб жазба дәреклеринде Миздахқан қаласы (Ҳәзирги Хожели районының орайы) өзиниң көлеми ҳәм халқының саны бойынша Қыят ҳәм Гурганжден (Гөне Үргениш) кейинги Қубла Арал бойларындағы үшинши қала болғанлығы мәлим. Миздахқанның аймағында 1200 аўыл ҳәм қала болған. Бизиңше солардың бири ҳәзирги Тақыятас районы аймағында болған болса керек. Себеби, Тақыятас районының орайы әййемги қала қурылысына ийе болған аймақта қурылған. Оған 2000-жылы район аймағынан табылған (Кетпенши баба қойымшылығы) бизиң эрамыздың II-IV, VII-IX, X-XIV әсирлерине тийисли материаллар айқын мысал бола алады. 2012-жылы таўдың үстиндеги Кетпенши- 2 қойымшылығы жанынан орта әсирлерге тийисли болған хабар бериўши минараның қалдықлары анықланған еди. Бул табылмалар ҳаққында илимий конференцияларда мағлыўматлар берилип, илимий журналларда мақалалар жәрияланды.
Тарийхый дәреклерден орта әсирлердеги халықаралық кәрўан жолдың бир тармағы Бухара-Варахша-Қызылқум-Шорахан (Төрткүл)-Кат (Шаббаз-Беруний)-Нузкат-Вайхан-Нукбағ-Миздахқан (Хожели)-Гурганж (ГөнеҮргениш) жөнелисинде үлкемиз аймағынан өткенлиги белгили. Бизиң пикиримизше, усы кәрўан жол бойындағы Нукбағ (Таза бағ) Тақыятас районы аймағына туўра келиўи мүмкин. Әлбетте, буны ўақыт көрсетеди.
-Жаңа эскспонатлардың табылыўы менен музейимизге келиўшилердиң саны және де көбейди-дейди Өзбекистан Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жетекшиси Гүлбәҳәр Халықназарова -Бул жерге тек республикамыздан ғана емес, ал қоңсылас ўәлаятлардан, Германия, Қазақстан еллеринен мийманлар келип, өзлериниң унамлы пикирлерин билдирип кетти. Нөкис қаласы, Хожели, Кегейли, Шымбай районларынан мектеп оқыўшылары музейимизге тез-тез саяхатқа келип турады.
Қәнигелердиң атап өткениндей, XII-XIII әсирлерге тийисли буйымлар табылған бул аймақта жақын күнлерде археологиялық бақлаў жумысларын алып барыў ҳәм оны республикамыздың археологиялық картасына киргизиў жобаластырылмақта.
Миллий мийрасымыздың, өтмиш тарийхымыздың жанкүйери Аралбай Нуржановтың басламасы менен, мектеп директоры Гүлшад Изтлеўованың қоллап-қуўатлаўында 2010-жылдың март айында шөлкемлестирилген музейде бүгинги күни 1500 ден зыят түрли экспонатлар сақланбақта. Бул жерде халқымыздың миллий кийим-кеншеклери, тағыншақлар, үй-руўзыгершилик буйымлары, мийнет қураллары менен танысыўға болады. Соның менен бирге, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхына, ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табысларды сәўлелендириўши, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың өмири ҳәм хызметлерине арналған бөлмелер шөлкемлестирилип, бул жерде түрли илажлар өткерилип турылады. Бул жумысларды алып барыўда Тақыятас районы ҳәкиминиң орынбасары Р.Нигматов, районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Қ.Бекбаўлиев, республикамызға белгили музей хызметкерлеринен А.Пирназарова, Ш.Пахратдинова ҳәм В.Матекеевалар өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин аямайды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы