Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ардақлаў-2017» сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәденият, көркем өнер, спорт, журналистика тараўын раўажландырыў, дөретиўшилик аўқамлардың жәмийетлик турмысымыздағы орнын ҳәм абыройын арттырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылып атырған итибарға кең түрде тоқтап өтти. Нәтийжеде өткен жылы бул тараўларда айтарлықтай нәтийжелерге ерисилди. Әсиресе, дөретиўши инсанлардың машақатлы мийнетин хошаметлеў бағдарындағы илажлар қолға киргизилип атырған табыслардың тийкары болмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўында республика Мәденият министрлиги тәрепинен дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Ардақлаў-2017» дәстүрий сыйлығы усындай илажлардан бири.
Сыйлықлаў мәресими «Көркем-өнерге пидә өмир» еслеў номинациясын тапсырыў менен басланды. Ҳақыйқатында, пүткил өмирин республикамызда аяқ ойынды раўажландырыўға бағышлаған Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, марҳум Байрам Мурадов ҳәм Орынгүл Мурадовалар усы сыйлыққа мүнәсип деп табылды. Сыйлық шаңарақ ағзаларына тапсырылды. Буннан кейин «Жылдың ең жақсы нураный көркем өнер устасы» номинациясы И.Хожаметовқа, «Жылдың ең жақсы классикалық қосық атқарыўшысы» номинациясы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Т.Дошумоваға, «Жылдың ең жақсы миллий қосық атқарыўшысы» номинациясы Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Г.Айымбетоваға, «Жылдың ең жақсы музей хызметкери» номинациясы П.Хожаметоваға, «Жылдың ең жақсы көркем өнер жәмәәти» номинациясы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына, «Жылдың ең жақсы театр режиссёры» номинациясы Ы.Айбатовқа, «Жылдың ең жақсы мәденият бөлиминиң баслығы» номинациясы Қоңырат районынан Н.Халмуратоваға, «Жылдың ең жақсы кино хызметкери» номинациясы Б.Низаматдиновқа, «Жылдың ең жақсы театр актёры» номинациясы П.Қулимовқа, «Жылдың ең жақсы художниги» номинациясы З.Сайыповқа, «Жылдың ең жақсы театр актрисасы» номинациясы Г.Жуманиязоваға, «Жылдың ең жақсы халық театры» номинациясы Шымбай районлық халық театры жәмәәтине, «Жылдың ең жақсы балетмейстри» номинациясы С.Дүйсенбаевқа, «Жылдың ең жақсы ер аяқ ойыншысы» номинациясы Р.Шыразовқа, «Жылдың ең шебер аяқ ойыншысы» номинациясы З. Жақсыбаеваға, «Жылдың ең жақсы мәденият бөлими мәкемеси» номинациясы Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи жәмәәтине берилди. Сондай-ақ, «Жылдың ең жақсы шайыры», «Жылдың ең жақсы журналисти», «Жылдың ең белсенди телевидение баслаўшысы», «Жылдың ең жақсы радио журналисти», «Жылдың ең жақсыағла устазы», «Жылдың ең жақсы композиторы», «Жылдың ең жақсы спортшысы», «Жылдың ең үлгили балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби», «Жылдың ең жақсы спорт маликасы» номинацияларының жеңимпазлары сыйлықланды.
-Ҳәр қандай хошамет дөретиўши инсанларды еле де көбирек мийнет етиўге талпындырады,-дейди «Жылдың ең жақсы шайыры» номинациясының жеңимпазы Жуманияз Өтениязов.-Өткен жылы Ташкент қаласындағы «Шолпан» баспасында басылып шыққан «Өзбек балалар әдебиятының антологиясы» китабында мениң «Қызыл суў», «Жайын», «Бекбосын балықшы», «Австралия» гүрриңлерим жәрияланған болса, «Қарақалпақстан» баспасынан «Моншақ» қосықлар топламым басылып шықты. Барлық сыйлықланғанларды қутлықлай отырып, алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймен.
Солай етип, улыўма 38 номинация бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип баҳаланды. Әлбетте, бул сыйлық оларды жаңадан-жаңа табысларға руўхландыратуғыны сөзсиз.
Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.