Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, «Өзбектеатр» дөретиўшилик өндирислик бирлеспеси, Өзбек миллий академиялық драма театрының дөретиўши жәмәәти Қарақалпақстан халық жазыўшысы О.Әбдирахмановтың “Тирсеклер” комедиясын өзбек тилинде (“Ўжарлар”) тамашагөйлерге инам етти.
Ағалы-инили еки театрдың соңғы ўақытлары мәденият, көркем өнер тараўында өз-ара тығыз бирге ислесип киятырғаны бәршемизге белгили.
Атап айтқанда, буннан бир неше жыл бурын Өзбек миллий академиялық драма театрының тәжирийбели актёры, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, режиссёр Ё.Садъиевтиң (Иззет Султан авторлығындағы) бизиң үлкен театрымызда жергиликли актёрлардың қатнасыўында қарақалпақ тилинде сахналастырған «Ийман» спектакли Өзбек миллий академиялық музыкалы театрында да сахналастырылып, еки халық тамашагөйлери тәрепинен жақсы күтип алынды.
Өзбек миллий академиялық драма театрының белгили актёр-актрисалары тәрепинен М.Азимовтың режиссёрлығында сахналастырылған “Ўжарлар”спектакли де, мине, усы мәдений байланыслардың даўамы болып табылады.
Бир нешше жыллар бурын жергиликли театрымыздың белгили актёр-актрисалары кәмине келтирип ойнаған, тийкарғы түйини бир-биринен қалыспайтуғын еки өжет қудалардың қарама-қарсылықларына қурылған бул комедияның сюжети ҳәм тәрбиялық әҳмийети халқымызға жақсы таныс болса да, спектакль алдынан жыйналғанлардың оны қайтадан, өзбек тилинде тамашалаўға қуштарлығының артып турғаны сезилди.
Әҳмийетли тәрепи сонда, драматург Нурылла Аббасхан тәрепинен өзбек тилине аўдарылған бул спектакль тамашагөйлер тәрепинен қол шаппатлаўлар менен күтип алынды.
Қуда-қадағайлар ролин атқарған Өзбекистан халық артисти Теша Мўминов (Халмурат), Өзбекистанға хызмет көрсеткен артистлер Г.Ибраҳимбекова (Қызылгүл), Ҳ.Комилов (Мәтирза), Р.Ярашова (Ақсүнгил Мәтирзаның ҳаял), Т.Саидов (Жәндулла), еки қуданың тартысларына ҳәўиж беретуғын Ф.Ғафуров (Басымбет), Ғ.Баймурзаев (Төренияз қуда) ҳәм А.Қодиров (Айтбай журналист)лардың актёрлық шеберлиги, әсиресе, олардың комик ҳәрекетлери тамашагөйлерге өзгеше заўық бағышлады.
– Спектакль Өзбек миллий академиялық драма театрында жақсы күтип алынды, – дейди Өзбекистан халық артисти, тирсек қуда Халмурат ролин атқарған Теша Мўминов. – Солай болса да, сахнаға шығыўдан алдын қарақалпақ тамашагөйлери бизиң ролимизди қалай қабыллар екен, деген қәўетердиң болғанын жасыра алмаймыз. Қуўанышлы тәрепи, өзиңиз көрип турғаныңыздай халық бизди жақсы қабыллады. Спектакльдиң тәрбиялық әҳмийети оғада жоқары болып табылады. Себеби, өзлериниң қайсарлығы, өжетлиги менен бир-бирине кеўил қойған перзентлериниң бахтына тосқынлық ететуғын инсанлар турмызымызда көплеп ушырасады. Шығармадағы бир-бирине бас иймейтуғын өжет қудалардың балаларға тән ҳәрекетлери оғада күлкили. Әҳмийетлиси, шығарманың жуўмағында қайсар қудалар перзентлериниң сап муҳаббатынан дүньяға келген ақлығы себеп, келисимге келеди.
Ч.ЕЛМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги