Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамында Репрессия қурбанлары естелиги музейи жумыс баслады. Ҳәзирги ўақытта музей жәмәәти музейди экспонатлар менен байытыў илажларын алып бармақта.

Жүз мыңнан аслам саўатлы ўатанласларымыз – мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик, билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларының ғайраткерлери совет ҳәкимияты жылларында репрессия сиясатының қурбанларына айланды. Өлимге ҳүким етилген, алыс ҳәм суўық еллерге сүргин етилген елимиздиң көпшилик интеллигенция ўәкиллериниң аты-жөни де өширилип, хабар-атарсыз, дәрексиз кетти.

Репрессия қурбанлары естелиги музейи усындай еркинлик ушын гүрескен ҳәм аты-заты қалмай, белгисиз түрде жоқ болып кеткен қаҳарманлардың атағын тиклеўде, музейди буйымлар, ҳүжжетлер, фотосүўретлер, китаплар, қолжазба ҳәм басқа да тарийхый дәреклер менен толтырыўда халықтан, репрессия қурбанларының әўладларынан әмелий жәрдем сорамақта.

Музей Қарақалпақстан аймағында әҳўқ-жылдан ҳәзирги дәўирге шекемги болған ўақыяларды өз ишине алған төрт блоктан ибарат болады. Оның фондын байытыў ушын университеттиң профессор-оқытыўшылары, докторантлары ҳәм студентлер турақлы түрде экспедицияға шығады.

Төлемли-контракт тийкарында оқытыў ушын түсимлердиң төлемли-контракт муғдарының арттырылған бөлеги музейдиң бюджеттен тысқары қаржысы сыпатында оны раўажландырыў ушын жумсалады.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев ғ0әў-жыл қә-августта – «Репрессия қурбанларын еслеў күни»нде Ташкент қаласындағы Репрессия қурбанлары музейи сыяқлы Қарақалпақстан ҳәм басқа ўәлаятларда да усындай музейлерди ашыўға тапсырма берген еди. Олар аймақлардағы жоқары оқыў орынларына бекитилди.

Музей усы жылдың ә-мартында рәсмий түрде ашылыўы режелестирилген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.