Көпшилик қосықшыларды бүгинги күнде қыйнап жүрген машқалалардың бири бул – руқсатнама (лицензия)алыў мәселеси. Хош, руқсатнаманы олар қай жерден алады? Не ушын көпшилик қосықшыларда руқсатнама жоқ?
Биз бул сораўларға «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан бөлиминде болып, усы бөлимниң концерт тамаша жумысларын лицензиялаў бойынша бас қәнигеси Альфия Төрамбетовадан жуўап алдық.
Бүгинги күнде тек 12 қосықшыға ғана лицензия берилген. Өткен жылы пайтахтымыздағы «Караван сарай» ресторанында Жаңа жыл байрамы қарсаңында «Саҳра бүлбиллери» атамасында концерт бағдарламасы шөлкемлестирилип, оған лицензияға ийе ҳәм лицензия алыў ушын ҳүжжетлерин тапсырған эстрада қосықшылары менен аяқ ойыншылар, баслаўшылар, қызықшылар шақырылды. Олар менен бирге ислесип атырмыз.
Лицензия баҳалары 6 рейтингте белгиленеди. 1-2-рейтинглер (Ташкент қаласындағылар ушын)ден басқа 3-4-рейтингте жеке концерт бағдарламасын беретуғын қосықшылар, мәмлекетлик атаққа ийе қосықшылар ушын 1 жылға 11 млн. 540 мың сум, 3 айға 3 млн. 143 мың сум, 4-рейтингте 1 жылға 7 млн. 234 мың сум, 3 айға 2 млн. 066 мың 880 сум, той, юбилей ҳәм басқа да тамашаларда хызмет көрсетиў ҳуқықын беретуғын 5-рейтингте 1 жылға 4 млн. 822 мың 720 сум, 3 айға 1 млн. 464 мың 040 сум, аяқ ойыншы, баслаўшы ҳәм камерашылар ушын 6-рейтингте 1 жылға 2 млн. 583 мың 600 сум, 3 айға 904 мың 260 сум етип белгилеп берилген.
Қосықшылар арасында айырым ўақытлары рейдлер шөлкемлестирилип турады. Рейдти өткериўден мақсет лицензиясыз қосықшылар, аяқ ойыншылар ҳәм басқалар нызамсыз пул ислеп жүрген яки жүрмегенлигин мониторинг етиў.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы