Елбасшымыз тәрепинен быйылғы жылға «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» атамасы берилди. Бул болса, исбилерменлер ушын жақсы имканиятлар есигин ашып берди.  

Өзбекистан Республикасы халық усталары, өнерментлери ҳәм художниклериниң «Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан басқармасына бүгинги күнде 340 қа шамалас өнермент ағза.

Өнерментшилик тараўында жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз ушын үлкен имканиятлар ҳәм шараятлар жаратылмақта. Буның айқын дәлили, жақыннан баслап өнерментшиликтиң 34 түри бойынша 2 жылға әсбап-үскенелер ушын 7 процентли, шийки зат ушын 14 процентли, ең төменги айлық мийнет ҳақының 300 есеси (51 млн. сумнан зыят) муғдарындағы арзанлатылған жеңилликли кредитлер берилмекте.

– «Микрокредит банк» тәрепинен тез арада 51 миллион кредит алдым.  Әйнек-қапы соғатуғын устаханамыз бар еди, енди устаханамызда  мебель де ислеп шығармақшымыз, жәмлеспеген жасларды да жумысқа алыў нийетиндемен, – дейди исбилермен Муҳаббат Егамбердиева.

                                                                                

 

                          Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы