Таңлапсаң да журналистлик қәсипти,

Бахтың таптың көркем өнер тараўдан,

Аяқ ойын кәри несип етипти,

Шебер болдың сахналардан нәр алған.

  (С.Жәниев)

Қарақалпақ халқының аяқ ойыны өзине тән өзгешелиги менен басқа халықлардан ажыралып турады. Бүгинги күнде халқымыздың миллий мәденияты менен көркем өнерин дүньяға танытып атырған жаслар баршылық. Мине, усындай жасларымыздың бири – Зийўар Жақсыбаева.

Зийўардың балалығынан аяқ ойын өнерине қызығыўшылығы жоқары болған. Ол мектепте өткерилген барлық байрам тамашаларында белсене қатнасып келди. 2006-жылы Нөкис Мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң «Халық аяқ ойынлары» бөлимине оқыўға кирип, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы Зибаш Пирлепесовадан түрли миллетлердиң аяқ ойынларын атқарыў сырларын үйренеди.

Ол 2009-жылдан берли пайтахтымыздағы «Әмиў толқыны» фольклор этнографиялық ансамблинде аяқ ойыншы болып жемисли мийнет етип келмекте.

Зийўар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Журналистика факультетинде оқыды. Оқыў дәўиринде «Ҳүрлиман» анбамблине турақлы қатнасып турды.

-Журналистика қәнигелигинде оқысам да, көркем өнер,  әсиресе аяқ ойын өнери мениң қаныма сиңип кеткен, мен оны жан-тәним менен сүйемен. Аяқ  ойынсыз өмиримди көз алдыма келтире алмайман, – дейди мақаламыз қаҳарманы.

«Ана муңы», «Таң гөззалы», «Қызлар жилўасы», «Шоқ қыз» композициясы оның сүйип атқаратуғын ойыны.

Зийўар 2013-жылғы М.Турғунбаева атындағы «Миллий аяқ ойын» таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазы. Елимизде өткерилип киятырға Ғәрезсизлик ҳәм Наўрыз байрамларында бири-бирин тәкирарламайтуғын аяқ ойынлары менен қатнасып келмекте.

Ол 25-26-январь күнлери биринши мәрте Бухара ўәлаятында  өткерилиўи режелестирилген «Бухара шашмохоми» таңлаўына қызғын таярлық көрмекте.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы