Бурын хабар етилгениндей Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен ““Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларының әмелге асырылыўы бойынша орынларда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў” атамасында грант жеңимпазы болған еди. Бүгинги күнде усы жойбардың екинши басқышы даўам етпекте. Бул бойынша газета-журналлар, телевидение, радио ҳәм социаллық тармақларда материаллар берилмекте.

Ғалаба хабар қуралларының белсендилигин және де арттырыў мақсетинде жоқарыдағы атамадағы таңлаўды жәриялап отырмыз.

Жойбардың үшинши басқышы декабрь айында жуўмақланады. Сонлықтан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери жоқарыдағы таңлаўға материалларды 20-декабрьге шекем Нөкис қаласы, Досназаров көшеси 86-жайға жибериўин сораймыз.

Дүзилген дөретиўшилик қурамы ағзалары жиберилген материалларды төмендеги бағдарлар, яғный, баспасөз, телевидение, радио ҳәм интернет журналистикасы бойынша баҳалайды ҳам жеңимпазлар баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланады.

 

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими