«Avangard – baspa» баспасы тәрепинен филология илимлериниң кандидаты, белгили әдебиятшы-сыншы Ж.Есеновтың авторлығында Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист Халила Дәўлетназаровтың поэзиялық жанрдағы дɵретпелери бойынша «Муҳаббат ҳәм ар-намыс жыршысы» атамасындағы топлам басылып шықты.

Ж.Есенов бул мийнетинде шайырдың дɵретиўшилигине бизиң әдебий сынымыз ушын жаңа усылда қатнас жасап, образларды ашыў шеберлигине айрықша дыққат бɵледи, сɵз шебери поэмаларының жанрлық-стильлик өзгешеликлерине тәсиршең мысалларды келтиреди.

Китап әдебиятшы-сыншының шайырға жазған «Ашық хаты» менен басланып, соң оның шығармаларына әдебий-илимий таллаўлар берилип, топлам сыншы менен шайыр арасындағы диалог пенен жуўмақланғанлықтан ол ɵз формасы бойынша классикалық әдебий сында  сыналған дәстүр-триптих формасын пайда етеди.

Топлам гүллән китапқумарлардың, шайырдың кɵп санлы ықласбентлериниң, соның ишинде, әдебиятшылар менен докторантлардың, излениўши студентлер менен  магистрантлардың, орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў ҳәм мектеп муғаллимлери менен оқыўшыларының дийдинен шығатуғынына исенемиз.

Китап, шайырдың дөретиўшилигине илимий жақтан шеберлик пенен таллаў жасалыўы менен жүдә баҳалы. Себеби, оқыўшыға, автор шығармаларының қалай жазылғаны, мәнис-мағанасы терең ашып көрсетилип, оның менен жақыннан танысыўына шайыр ҳәм китап оқыўшының арасында бир-бирин түсинисиўине дәнекерши болады.

«Avangard – baspa» баспасы тәрепинен басып шығарылған бул китап полиграфиялық жақтан заман талабы дәрежесинде басылған.

 

Ч.Елмуратов,

 журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги