«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-5259-санлы, 16.10.2021-ж.) қабыл етилди.

Қарар менен 2021-жыл 28-майда Минск қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы қатнасыўшы-мәмлекетлериниң Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қол қойылған Дослық Аўқамы қатнасыўшы-мәмлекетлериниң геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў тараўындағы өз-ара қатнасықлары ҳаққында 1992-жыл 9-октябрьдеги Келисимине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы билдириў тастыйықланды.

Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министликлер менен уйымлардың басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги