Усы жыл 13-14-октябрь күнлери БМШтың Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен Қарақалпақстанның бес районында БМШтың Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды ҳәм Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен таныстырыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм жеке меншик ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын еки күн даўамында медиа-тур өткерилди.
Медиа-турға Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги қәнигелери, «Nur.uz», «Sputnik.uz», «Bugun.uz», «Muxbir Daliev» интернет сайтлары, «Bright Uzbekistan» баспасы, «Ўзбекистон-24» телеканалы ҳәм басқа да жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, район ҳәкимликлериниң жуўапкер басшылары қатнасты.
БМШтың Өзбекстандағы Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды тәрепинен бүгинги күнде БМШ агентликлериниң фондлары қәўендерлигинде аўыллық жерлерди раўажландырыў, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлеринен жәбир көрип атырған халықтың турмысын жақсылаў, қолайлы шараятлар жаратыў, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған инсанлардың дөретиўшилик ҳәм инновациялық мүмкиншиликлерин арттырыў, оларды турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў, аймақта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, билим алыў, өз ўақтында ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетиў ушын имканиятлар жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестирип жумыс алып барылмақта.
Медиа-турда журналистлер фонд тәрепинен қаржыландырылған БМШ агентликлериниң биргеликтеги бағдарламаларының әмелге асырылыўы менен танысты. Объектлерге барып, аўыл хожалығы хызметкерлери, аймақ турғынлары менен сәўбетлести. Аймақты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған дәслепки нәтийжелерге гүўа болды.
Медиа-турдың биринши күни Қоңырат районынан басланды. Медиа-тур қатнасыўшылары районда БМШтың Раўажланыў бағдарламасы, БМШтың халық турмысын үйрениў тараўындағы фонды (ЮНФПА), Азық аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО)ниң биргеликтеги бағдарламалары шеңберинде Аралбойы аймағында жақсы қорғалмаған жәмәәтлердеги экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги машқалаларын шешиў ушын жаслар ҳәм халықтың әззи топарының бейимлесиў мүмкиншилигин беккемлеў арқалы дөретиўшилик ҳәм инновациялық имканиятларын раўажландырыў бойынша биргеликтеги бағдарламасы шеңберинде суў тәмийнаты системасын реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылып атырған райондағы орайлық емлеўхана ҳәм «Сүўенли» АПЖдағы 22-санлы шаңарақлық поликлиника филиалында болды.
Жойбар жуўмақланғаннан кейин аймақтағы жети мыңнан аслам адамның таза ишимлик суўынан пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылады.
– Бағдарламалар шеңберинде Аралбойы аймағында жумыс алып барыўдың дәслепки басқышларында БМШтың Раўажланыў бағдарламасы хызметкерлери жергиликли халық пенен ушырасыўлар өткерип, халықтың зәрүрликлери анықланып, раўажланыў режелери дүзилди. Ушырасыўлардың биринде бир қатар аўыллық жерлерде электр трансформаторларын орнатыў зәрүрлиги анықланды,-дейди биргеликтеги бағдарлама қәнигеси Г.Жапақова. – Солардың қатарында, 410 адам жасайтуғын «Әдебият» АПЖ да бар.
Енди бул жерде жасайтуғын халық үзликсиз түрде электр энергиясынан пайдалана алыў мүмкиншилигине ийе болды. Улыўмаластырып айтқанда, қурылған жаңа трансформаторлар ҳәм басқа да илажлар нәтийжесинде Қоңырат, Бозатаў, Мойнақ районларының алты жеринде 3685 адам электр энергиясынан үзликсиз түрде пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болды.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Мойнақ, Бозатаў, Қоңырат районларының ҳәр биринен 10 адамға «Сантехник-ПП» бағдары бойынша онлайн тәризинде ҳәм тиккелей тренинглер өткерилмекте.
– Мен усы күнге шекем бир қатар орынларда күнлик жумысларда ислеп келдим. Белгили бир кәсипке ийе болыў, өзимниң бәнтлигимди тәмийинлеп, турақлы түрде дәрамат табыў мақсетинде еки ҳәптеден берли усы курсқа қатнап атырман. Бул жерде еки ҳәпте оқытылып, және еки ҳәпте әмелий жумыслар үйретеди екен. Сондай-ақ, оқыўды питкерген жасларға сертификат берилип, керекли әсбап-үскенелер алыў ушын субсидиялар да ажыратылады екен. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде усындай мүмкиншиликлерди жаратқаны ушын БМШтың Раўажланыў бағдарламасы хызметкерлеринен миннетдармыз,-дейди усындай жаслардың бири А.Урынбаев.
Қоңырат районының перинатал орайы да Өзбекстандағы Аралбойы регионы ушын БМШтың инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды тәрепинен жәрдем алды. ЮНИСЕФ-ЮНФПАның ең әззи зоналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге перинатал жәрдем бериўдиң сапасын арттырыў ушын әмелге асырып атырған биргеликтеги бағдарламасы шеңберинде Қоңырат, Беруний районлары, сондай-ақ, Нөкис қаласындағы перинатал орайларда оңлаў жумыслары алып барылды. Электр ҳәм суў тәмийнатына байланыслы машқалалар толық түрде өз шешимин тапты. Оларға аналар ҳәм балаларға ғамқорлық етиўдиң барлық әҳмийетли тәреплерин өзинде қамтып алған заманагөй үскенелер алып берилди.
Қарақалпақстандағы ең ири жойбарлардың бири Өзбекстанның қурғақшыл аймақларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының климат турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған болып, 2015-жылдан берли БМШтың климат өзгериси бойынша кең көлемли конвенциясының адаптация фондының қаржылай жәрдеминде әмелге асырылмақта.
Fалаба хабар қуралларының ўәкиллери Бозатаў районындағы интенсив бағшылықты раўажландырыў объекти менен де танысты.
Бул жерде 6 гектар жерде Арқа аймақтың кескин ықлым шараятына шыдамлы болған ярым келте бойлы мийўели нәллер егилген. Бул интенсив бағқа суў қуяш панелинде ислейтуғын насос жәрдеминде, тамшылатып суўғарыў усылын қолланған ҳалда жеткерип бериледи. Бул суў ресурсларын еки есе үнемлеў ҳәм өнимдарлықты 80 процентке арттырыў мүмкиншилигин жаратады.
Буннан басқа, жойбар қара малларға жем таярлаўда гидропоника усылынан пайдаланыў әмелиятын жолға қойды. Бул күнине қара маллар ушын 500 килограмм азықлық ислеп шығарыў мүмкиншилигин береди. Улыўма алғанда жергиликли шарўалардың басламалары менен алты районда 10 усындай кооперативлер шөлкемлестирилди. Олардың тийкарғы ўазыйпалары аўыллық жерлерде жайлаўларды шөлкемлестириў, оларды нәтийжели басқарыў, турақлы пайдаланыў ушын деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм жақсылаўды өз ишине алады. Бүгинги күнде кооперативлердиң ағзаларының саны 64723 ке жетти. Солардан 32 мыңнан асламы ҳаял-қызлар. Кооператившилердиң жумысы ҳәм гидропоникалық үскенелерден пайдаланыўдың абзаллықлары менен журналистлер «Бозатаў жайлаўы» өндирислик кооперативи мысалында танысып шықты.
– -Биз 27 мың гектарлық жайлаўларда ызғарлатып суўғарыў усылын енгиздик. Суў насосларын, трансформаторларды орнаттық. «Қазанкеткен», «Шахаман», «Бозатаў», «Аспантай», «Еркиндәрья» жайлаў кооперативлери дүзилди. Ызғарлатып суўғарыў (лиманное орашение) нәтийжесинде жайлаўларда 30 дан аслам жаңа өсимликлер өнип шықты. Қара маллар ушын тойымлы от-шөплерге бай жайлаўлар пайда болды,-дейди биргеликтеги бағдарлама қәнигеси А.Тлеўмуратов.
БМШтың Раўажланыў бағдарламасының және бир «Аралбойы аймағындағы халықтың экономикалық, экологиялық ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелериндеги әззилигин сапластырыў арқалы турмыс турақлылығын беккемлеў» жойбары Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде ЮНФПА менен биргеликте әмелге асырылмақта. Медиа-тур қатнасыўшылары «Байтерек» аўылындағы 7-мектеп филалын реконструкциялаў ушын әмелге асырылған жумыслар менен танысып шықты. Жақын аралықта басқа мектеп жоқ болғаны ушын бул мектеп имараты толық ири оңлаўдан шығарылып, аўыл балалары ушын үлкен қолайлықлар жаратылған. Бүгинги күнде бул жерде жүзден аслам балалар 1-4 классларда оқып, билим алмақта.
Бул жойбар сондай-ақ, халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў жумысларын да өз ишине қамтып алған. Қуўатлылығы 250 кв. болған электр трансформаторлар орнатылғаннан кейин, 180 нен аслам аўыл турғынлары үзликсиз электр энергиясына ийе болды. Усындай жумыслар нәтийжесинде Бозатаў, Шымбай ҳәм Қараөзек районларында жәми 2484 хожалық енди электр энергиясына байланыслы мәселелерде қыйналмайтуғын болды.
Медиа-турдың екинши күни Тахтакөпир районынан басланды. Ҳәзирги ўақытта бул жерде Арал теңизиниң қурыўы ҳәм климат өзгериўиниң ақыбетлери анық сезилмекте. Траст фонды тәрепинен бириншилерден болып қаржыландырылған, ЮНЕСКО менен биргеликте әмелге асырылған «Турақлы аўыл аймақларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў арқалы «Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигиниң әҳмийетли машқалаларын шешиў» биргеликтеги бағдарламасы шеңберинде қурып баратырған Арал теңизиниң ултанын көклемзарластырыў бойынша жәрдем көрсетилди. Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығына тоғайларды сақлаў бойынша нәтийжели жумысларды әмелге асырыў ушын 17 түрдеги 50 ден аслам техника ҳәм әсбап-үскенелер алып берилди.
Кейинги ушырасыў 735 адам жасайтуғын «Жаңадәрья» АПЖда өткерилди. Көп жыллар даўамында бул жердеги суўды тазалаў ҳәм тарқатыў системасы истен шыққан екен. Биргеликтеги бағдарламаны әмелге асырыўда жәми районның бес елатлы пунктиндеги суў тәмийнаты системасы реконструкцияланып, 3491 адам таза суўдан пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болды.
Қараөзек районында февраль айында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған биргеликтеги бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде инновациялық бизнес-жойбарларға жәрдем көрсетиў ушын арзаларды қабыллаў бойынша таңлаў жәрияланған еди. Таңлаў комиссиясы 27 жойбарды қаржыландырыўды мақуллады. Солардың арасында ағаш ҳәм декоратив материаллар менен ислеў устаханасын шөлкемлестириў жойбары да бар. Медиа-тур қатнасыўшылары усы объектке барды. Бул жерде үш адам жумыс пенен тәмийинленип, халыққа хызмет көрсетип атырған екен.
Ең бир әҳмийетли ушырасыўлардың бири денсаўлықты сақлаў ықтыярлылары (волонтёр) менен болды. Олардың пандемия дәўиринде халыққа көрсеткен хызметлери итибарға ылайық. Қарақалпақстанның 11 районында 2000нан аслам арнаўлы оқытылған ықтыярлылар турақлы түрде онлайн консултациялар өткерип, халықтың арасына кирип, олардың денсаўлығынан хабар алып, мониторинг, үгит-нәсият жумысларын алып барды. Қараөзек районының өзинде 160 ықтыярлы өз жумыслары шеңберинде аймағында жасаўшы 50 мыңнан аслам пуқара ушын жүрек, қан-тамыр, асқазан-ишек, дем алыў жоллары, коранавирус кеселликлериниң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барып, арнаўлы сессиялар өткерди.
Медиа-тур қатнасыўшылары Шымбай районындағы «Майжап» АПЖдағы «Қошқар жыққын» аўылы аймағында толық түрде қайта реконструкцияланған суў тазалаў қурылмасын барып көрди. Бул жерде тезлиги саатына 8 кубометр болған суў тазалаў үскенеси ҳәм суў тәмийнаты тармағы орнатылған.
– Бул қурылма алдын да бар еди. Халыққа көп жыл хызмет етти. Бирақ, кейинги жылларда суўының сапасы әдеўир төменлеп кеткен еди. Аўылдағы адамлардың барлығы бизиң үйдиң жанында қурылған бир краннан суў алатуғын еди. Қурылма толық қайта ири оңлаўдан өткерилгеннен кейин, үш айдың бер жағында суўының сапасы толық жақсыланды. Ҳәр бир үйдиң алдында таза ишимлик суўы ағып турған кранлар қурылды. Аўыл халқы бул хызметлери ушын усы жумысларды қалыс түрде қаржы ажыратып әмелге асырған инсанлардан оғада миннетдар,-дейди «Қошқар жыққын» аўылының турғыны Ҳәмдулла Төлеков.
Сондай-ақ, быйыл райондағы «Жаңамәкан» елатлы пунктинде, «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйынында да 10600 метрлик суў қубырлары тармағы өткерилген. Нәтийжеде 1200 ден аслам жергиликли турғынлар таза ишимлик суўы менен тәмийинленген.
БМШтың Раўажланыў бағдарламасы Қарақалпақстанның шетки районлары ҳәм аўылларында инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасын шөлкемлестириў бойынша Аралбойы регионын раўажландырыўға жәрдем бериўин даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(А.Қанназаровтың түсирген сүўретлери)