Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Баспасөз конференциясында басқарма баслығының биринши орынбасары, бажыхана хызмети майоры А.Муқимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған илажлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-сентябрьдеги «Бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм мәмлекетлик бажыхана уйымларының шөлкемлестириўшилик структурасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, быйыл тоғыз ай даўамында  бажыхана уйымлары тәрепинен қуны 308,7 млн АҚШ долларына тең өнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Улыўма қуны 456 млн. АҚШ долларын қурайтуғын республикамыз сыртқы саўда айланысының 67 проценти товарлардың экспортына дурыс келеди.

Республика аймағынан тийкарынан полиэтилен, артемия цистасы, гүнжи өнимлери, пахта талшығы, пропилен, боян тамыры ҳәм оның экстракты, ийирилген жип, кальцинацияланған сода ҳәм тери өнимлери дүньяның бир қатар мәмлекетлерине, атап айтқанда Түркия, Қытай, Россия, Латвия, Қазақстан мәмлекетлерине экспорт етилди.

Технологиялық әсбап-үскенелер, химия өндириси, ағаш ҳәм тақтай, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери сыяқлы улыўма қуны 147,3 млн АҚШ долларына тең өнимлер басқа еллерден импорт тәртибинде алып кирилди.

Сондай-ақ, усы жылдың өткен дәўири даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана уйымларының өз фискал ўазыйпаларын әмелге асырыў шеңберинде бажыхана төлемлеринен 227 млрд. 630 млн. сум пул қаржылары мәмлекет бюджетине өткерилиўи тәмийинленди.

Мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген ҳәр бир ўазыйпаның сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бажыхана уйымлары тәрепинен исбилерменлерге қолайлық жаратыў бойынша нызамшылық талаплары тийкарында жәми 179 млрд. 883 млн. сум бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

Есабат дәўиринде бажыхана тараўына тийисли нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўына байланыслы 283 факт анықланып,
4 млрд 391 млн. сум муғдарындағы товар–материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде иркип қалынды. Соннан 7 факт бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьяларына муўапық жынаят иси қозғатылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-сентябрьдеги ПП-6310-санлы пәрманы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық даўамы, десек қәтелеспеймиз.

Пәрман менен, 2021-жыл 1-октябрьден баслап Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Ташкент, Сырдарья, Қашқадарья ҳәм Хорезм ўәлаятлары бойынша басқармаларында, 2022-жыл 1-апрельден баслап қалған аймақлық басқармаларында «категориядан тыс» статусына ийе болған «Аралық электрон декларациялаў» бажыхана постларының басқышпа-басқыш шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Бул бажыхана постларының әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде бажыхана операцияларын әмелге асырыўға кететуғын ўақыт қысқарады, товарлардың бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестирилиўи процесслеринде инсан факторлары кескин азайтылады, коррупциялық жағдайлар минималластырылады ҳәм «қағазсыз санлы бажыхана» және де раўажландырылады.

2021-жыл 1-декабрьден баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекет шегарасы арқалы автомобиль өткериў пунктлеринде төленетуғын барлық жыйымларды транспорт қуралы шегара пунктине кирип келгенге шекем бирден-бир есап бети тийкарында алдыннан төлеў әмелияты енгизиледи, 2022-жыл 1-январьдан баслап артықша төленген яки өндирилген бажыхана төлемлерин бажыхана уйымлары тәрепинен қайтарыў ҳаққындағы қарар қабыл етилгеннен соң усы қаржылар сыртқы экономикалық байланыс (СЭБ) қатнасыўшыларына 3 (үш) жумыс күни даўамында қайтарылады. Сондай-ақ, бажыхана төлемлерин кешиктирип яки бөлип-бөлип төлеўдиң ең аз мүддети 14 күн етип белгиленди хәм усы мүддетде процентлер өндирилмейди, бунда кешиктирип яки бөлип-бөлип төлеўдиң ең аз мүддетинен асқанда толық дәўир ушын процент есапланады. Ал, қосымша есапланған бажыхана төлемлериниң өндирилмейтуғын ҳәм қайтарылмайтуғын муғдары базалық есаплаў муғдарының 20 процентине шекем етип белгиленди. Товарлардың СЭБ товарлар номенклатурасы бойынша кодын анықлаўда бажыхана уйымлары тәрепинен тайынланған экспертиза жуўмақланғанға шекем товарларды бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеў арқалы шәртли шығарып жибериў әмелияты енгизилди. СЭБ қатнасыўшыларының бир неше бажыхана операциялары шеңбериндеги миннетлемелерин тәмийинлеў ушын бир тәмийнат усыныў имканияты жаратылады, бундай тәмийнат бажыхана төлемлери бойынша барлық миннетлемелерди орынлаў ушын жетерли болыўы тийис. Бажыхана уйымлары товарлар бойынша төлениўи керек болған бажыхана төлемлери муғдарын анықлаў ушын СЭБ қатнасыўшысының арзасына тийкарланып дәслепки қарарды қабыл етеди

Сондай-ақ, пәрман менен, Мәмлекетлик бажыхана комитети системасында айрықша юридикалық тәреп статусына ийе Орайлық бажыхана лабораториясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс мақулланды.

Соның менен бирге, усы пәрманның 1-қосымшасына муўапық, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң жумысы тоқтатылып атырған постлар дизими тастыйықланды. Оған бола, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң аймақлық басқармалары қурамындағы жәми 6 бажыхана постларының жумысы тоқтатылды ҳәм усы дизимге тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Найманкөл» темир жол шегара бажыхана постының да жумысы тоқтатылды. Жумысы тоқтатылып атырған бажыхана постлары басқа бажыхана постларына пункт етип бекитиледи ҳәм босаған штат бирликлери ис көлеми көп болған басқа постларға бериледи.

Қатнасыўшылар бажыхана тараўына байланыслы мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги