Бүгинги күнде мәмлекетимиз «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген баслы идея сүрени астында раўажланыўдың жаңа басқышы – Үшинши Ренессанстың тырнағын салыўда жоқары шеклерге көтерилмекте. Мине, усы бағдарда, яғный елимизде әмелге асырылып атырған реформалар процесинде мәмлекетлик тилдиң тутқан орны айрықша, әлбетте.
Быйыл ɵзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң тил бийлигин алғанына 32 жыл толмақта. Ɵзбек ҳәм қарақалпақ тиллери ɵзиниң бай тарийхы, басып ɵткен жолына ийе, бир-бирине жақын, еки туўысқан ата-ананың перзентлериндей бири-бирин дилмашсыз-ақ түсинетуғын айрықша тиллердиң бири болып табылады.
Тил ҳаққында сɵз еткенде «Ана» сɵзиниң бирге қолланылыўы да тосыннан емес. Себеби, инсан баласы ушын Ана-Ўатаны, туўған топырағы, ата-анасы ҳәм шаңарағы қаншелли муқаддес болса, ана тили де соншелли қәдирли. Инсан дүньяға келер екен, дүньяны ана тили арқалы аңлайды. Тил арқалы басқалар менен пикирлеседи, ɵз дүньяқарасын жүзеге шығарады, билим алады, ɵсип раўажланады. Сɵз зергерлери болса, усы ана тили арқалы кеўил нағысларын хатқа салады, жырлайды.
Соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, мәмлекетлик тилде жумыс алып барыўды нәтийжели шɵлкемлестириў, сондай-ақ, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине сɵзсиз әмел етилиўине ерисиў бағдарында кɵлемли илажлар алып барылмақта.
Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен 2019-жылдың 21-октябрь сәнесинде қабыл етилген “Ɵзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳақында”ғы пәрманына муўапық Министрлер Кабинетиниң структурасында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шɵлкемлестирилип, Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстандағы барлық мәмлекетлик басқарыў уйымларында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша мәсләҳәтши лаўазымлары енгизилди.
Усы жерде Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының 1-стаьясында – Қарақалпақ ҳәм ɵзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады, деп кɵрсетилгенин атап ɵтиў орынлы.
Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик тилге ҳүрмет кɵрсетиў, сондай-ақ, қарақалпақ тилиниң халқымыздың социаллық турмысындағы абырайы ҳәм орнын және де арттырыў, ɵсип киятырған жасларымызды Ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасының мүнәсип даўамшысы руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў бойынша кɵлемли жумыслар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 3-ноябрьдеги “Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы 135-санлы Президиум қарарының қабыл етилгенин ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң шɵлкемлестирилгенин айрықша атап ɵтиў орынлы.
Бул бағдарда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасының нәтийжелилигин артырыў, әсиресе мәмлекетлик тил талапларына әмел етиў бойынша бир қатар министрлик ҳәм уйымлар қатарында, Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти менен тығыз бирге ислесип, бул ҳаққындағы мәлимлемелер республикалық ғалаба хабар қуралларында ɵз сәўлелениўин таппақта.
Сондай-ақ, бɵлим тәрепинен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Нɵкис қалалық ҳәм районлық бɵлимлери, Республика жоқары оқыў орынлары менен улыўма орта билим бериў мектеплери директорларының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасарлары және дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар менен биргеликте ана тили ҳәм мәмлекетлик тиллердиң турмысымызда тутқан орнын заманагɵй мәлимлеме технологияларынан нәтийже пайдаланған ҳалда мүнәсип түрде үгит-нәсиятлаў, ɵзбек ҳәм қарақалпақ тили байрамларын жоқары дәреже шɵлкемлестириў бағдарындағы жумыслар әлле қашан баслап жиберилди.
Мысалы ушын, ҳәзирги ўаққытта жергиликли ҒХҚ да, соның ишинде баспасɵз, теле-радио каналлар ҳәм социаллық тармақлар арқалы Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими тәрепинен таярланған мәмлекетлик тилимизди улығлаўшы баспа материаллар менен видео ɵнимлер кеңнен жәрияланбақта.
Әлбетте, жоқарыда келтирип ɵткенимиздей, ана тилимизди улығлаў, оны кеңнен үгит нәсиятлаў, бул тек Департаменттиң яки Орайдың жумысы емес. Президентимиз атап ɵткениндей, ол басшы болсын, мейли қәниге болсын бәримиз мәнаўиятшы болыўымыз керек. Мәнаўиятшы болыў ушын болса, ана тилимизди, мәмлекетлик тиллерди, миллий қәдриятларымызды жақсы билиўимиз тийис. Яғный, тил ҳаққындағы түсинигимизди тағы да тереңлетип оның дүрданаларын алдағы дәўирдиң әўладларына мийрас етип қалдырыў ушын ғалабалық атланысқа шығыўымыз керек. Рус илимпазы П.А.Вяземский айтқанындай “Ана тилимиз бизиң улыўма билимлендириўимиздиң, ҳәр биримиздиң ҳәм тәрбиямыздың да тийкары болыўы керек!”.
Ҳүрметли Президентимиз қай жерде қайсы темада баянат жасамасын Ана-Ўатанымыздың келешеги болған жаслар мәселесин алға қояды ҳәм жас әўлад қәлбине ана тилимизди балалықтан сиңдириў мақсетинде билимлендириўдиң барлық басқышларында тилимизди заманагөй инновациялық технологиялар тийкарында терең үйретиўге айрықша итибар қаратып келеди.
Соңғы жылларда усы бағдарда ана тилимиздеги терминлердиң тәртипке түсиўи, сөзликлерди басып шығарыў, ана тилимиздиң әлипбесин ҳәм имласын қайта кɵрип шығыў, оны турақластырыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылды.
Усы жерде Өзбекстан Қаҳарманы, Ɵзбекстан халық шайыры И.Юсуповтың мынадай қосық қатарлары ҳәммемизге белгили.
Жыраў сени бәйги атындай баплаған,
Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған,
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.
Ҳақыйқатында да, бабалардан мийрас болған ана тилимиз неше әсирлерди, қаншама тартыслы дәўирлерди басынан ѳткерип сап, таза, гирбиӊсиз ҳалында бүгинги күнге шекем жетип келди. Бул тилде Жийен жыраў, Күнхожа, Бердақ, Әжинияз, Тилеўберген, Тѳлепберген, Ибрайым сыяқлы сѳз зергерлери ел дәрти менен қәлем тербеткен. Маманбий, Айдос батыр, Ережеп бий, Ережеп тентек, Аллаяр Досназаровтай ел ағалары ѳз халқын усы ѳткир тил менен қорғаған. Гүлайым, Тумарис, Гүлпаршын, Ҳүрлиман бақсы, Айымхан аналарымыз усы тилде муӊын шағынып ҳәййиў айтып, қосықлар менен не бир батыр перзентлерди тәрбиялап, ғайбарлық пенен шешенлик, дилўарлықты әўладлар санасына сиӊдирип келген.
“Ана тилимиз – миллий мәнаўиятымыздың сарқылмайтуғын булағы болып табылады. Солай екен, оған мүнәсип ҳүрмет кɵрсетиў бәримиздиң тек ғана ўазыйпамыз емес, ал муқаддес инсаныйлық миннетимиз!”, деген еди Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев ɵзиниң шығып сɵйлеген сɵзинде.
Шынында да тил – бизиң руўхый-ағартыўшылық жумысларымыздың тийкарғы қуралы, ҳеш қашан таўсылмайтуғын, байып бара беретуғын ҳақыйқый қуралымыз, булағымыз болып табылады. Оны кɵз қарашағындай сақлаў, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў, усы муқаддес топырықта жасап атырған ҳәр бир пуқараның перзентлик парызы, деп билемен.
Татлымурат Атамуратов,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң баслығы,
Тарийх илимлериниң кандидаты
Қарақалпақстан хабар агентлиги