«Спорт-саламатлық гиреўи!» сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланып шөлкемлестирилген республикалық Спартакиаданың Қарақалпақстан Республикалық басқышында республикамыздың қала ҳәм районларынан дүзилген командалар өз-ара күш сынасты.
Мәденият, спорт, туризм тараўы хызметкерлери күн даўамында спорттың стол тенниси, волейбол, шашка, шахмат, минифутбол түрлери бойынша жарысқа түсти.
Тараў хызметкерлери арасында усындай жарысларды өткериўден мақсет – хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға кеңнен тартыў, спорт-саўалландырыў илажлары арқалы денсаўлықларын тиклеўге жәрдем бериў, спорттың ғалабалық түрлерине қамтыў, хызметкерлерди ҳәр қыйлы кәсиплик кеселликлеринен спорт ҳәм саламат турмыс тәризи тийкарлары арқалы қорғаў болып есапланады,-дейди Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ж.Аяпов.
Спартакиада жеңимпазлары анықланып, бириншилик минифутбол бойынша Тахтакөпир, волейбол бойынша Нөкис қаласы командаларына несип етти. Спорттың қалған түрлери бойынша да ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында жеңимпазлар анықланды.
Улыўма командалық есапта Нөкис қаласы биринши, Әмиўдәрья районы екинши, Нөкис районы үшинши орынды ийеледи.
Спорттың шахмат, шашка, стол тенниси, минифутбол, волейбол түрлери бойынша жеңимпаз болғанлар Үргенш қаласында болып өтетуғын ўәлаятлараралық аймақлық басқышта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты командалары арасындағы жарысларға қатнасыў ушын жоллама алды.
Жарыс жуўмағы бойынша «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең шебер ҳәўескер спортшы», «Жеңиске болған умтылыўшылығы ушын», «Ең жас қатнасыўшы» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды.
Жеңимпазлар Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги